Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз. Бизлер және сизлердиң Ийемизге ылайықлы болып жасаўыңыз, Оны ҳәр тәреплеме ырза қылып, ҳәр бир жақсы исте жемис бериўиңиз ҳәм Қудайды билиўде өсип барыўыңыз ушын да дуўа етип атырмыз.