Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып өзимизден шықпаған, ал Қудайдан берилген. Қудай бизлерди жаңа келисимниң хызметшилери қылды. Жаңа келисим жазылған нызам тийкарында емес, ал Мухаддес Руўх тийкарында пайда болды. Себеби жазылған нызам өлимге ҳүким етеди, ал Мухаддес Руўх өмир береди.