1
2 Коринфлилер 4:18
Мухаддес Китап
КркМК22
Бизлер көзге көринетуғын қыйыншылықларға емес, ал көзге көринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби көзге көринетуғын нәрселер өткинши, ал көзге көринбейтуғын нәрселер мәңги болады.
Compare
Explore 2 Коринфлилер 4:18
2
2 Коринфлилер 4:16-17
Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң көринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр. Өйткени ҳәзирги өткинши ҳәм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳәдден тыс уллы ҳәм мәңгилик даңқ алып келеди.
Explore 2 Коринфлилер 4:16-17
3
2 Коринфлилер 4:8-9
Бизлер ҳәр тәреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз. Қуўдаланамыз, бирақ Қудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз.
Explore 2 Коринфлилер 4:8-9
4
2 Коринфлилер 4:7
Биз елшилер усы ғәзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Қудайдан екенлиги көринип тур.
Explore 2 Коринфлилер 4:7
5
2 Коринфлилер 4:4
Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын көрмесин деп, бул дүньяның ҳәкими – шайтан олардың жүрек көзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Қудайдың қандай екенин көрсеткен Масийхтың даңқын билдиреди.
Explore 2 Коринфлилер 4:4
6
2 Коринфлилер 4:6
Себеби «Қараңғылықтан нур жарқырасын», – деп буйырған Қудай Масийхтың жүзинде жарқыраған Өзиниң даңқын билиўимиз ушын жүреклеримизди жақты қылды.
Explore 2 Коринфлилер 4:6
Home
Bible
Plans
Videos