Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди бәрқулла Масийхтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди ҳәм бизлер арқалы ҳәмме жерде Масийх ҳаққында билимди хош ийис сыяқлы тарқатады. Себеби бизлер қутқарылып атырғанлар арасында да, набыт болып атырғанлар арасында да, Масийхтың Қудайға бағышлаған хош ийисимиз.