Қудайға, яғный Ийемиз Ийса Масийхтың Әкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Әкемиз ҳәм толық жубаныш бериўши Қудай. Қудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Қудайдан алған жубаныш пенен ҳәр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз.