1
Матта 9:37-38
Мухаддес Китап
КркМК22
Сонда Ол шәкиртлерине: – Орылатуғын егин көп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Өзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар, – деди.
So sánh
Khám phá Матта 9:37-38
2
Матта 9:13
Сизлер барып: «Мен қурбанлықты емес, ал мийрим-шәпәәтти қәлеймен», – деген сөзлердиң мәнисин билип алыңлар. Себеби Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
Khám phá Матта 9:13
3
Матта 9:36
Ол көп халықты көрип, оларға жаны ашыды, өйткени олар шопансыз қойларға уқсап қыйналған ҳәм пытыраңқы еди.
Khám phá Матта 9:36
4
Матта 9:12
Буны еситкен Ийса оларға: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж.
Khám phá Матта 9:12
5
Матта 9:35
Соннан соң, Ийса барлық қала ҳәм аўылларды аралап жүрди. Олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, барлық аўырыўларға ҳәм ҳәмме ҳәлсиз адамларға шыпа берди.
Khám phá Матта 9:35
Trang chủ
Kinh Thánh
Kế hoạch
Video