1
Лука 23:34
Мухаддес Китап
КркМК22
Ийса: – Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди. Әскерлер шек таслап, Ийсаның кийимлерин бөлисти.
مقایسه
Лука 23:34 را جستجو کنید
2
Лука 23:43
Ийса оған: – Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.
Лука 23:43 را جستجو کنید
3
Лука 23:42
Соң Ийсаға: – Ийса, Өз Патшалығыңа киргениңде, мени есиңе ал! – деди.
Лука 23:42 را جستجو کنید
4
Лука 23:46
Ийса бәлент даўыс пенен бақырып: – Әке! Руўхымды қолларыңа тапсыраман, – деди. Усыны айтып болды да, жан тапсырды.
Лука 23:46 را جستجو کنید
5
Лука 23:33
«Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди.
Лука 23:33 را جستجو کنید
6
Лука 23:44-45-44-45
Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бөлинип, жыртылып кетти.
Лука 23:44-45-44-45 را جستجو کنید
7
Лука 23:47
Болған ўақыяларды көрген жүзбасы Қудайды алғыслап: – Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ адам екен, – деди.
Лука 23:47 را جستجو کنید
خانه
كتاب مقدس
برنامههای مطالعه
ویدیوها