Зехария 9
9
Израилдың душпанларының жазаланыўы
1Пайғамбаршылық сөз. Жаратқан Ийениң сөзи Хадрах журтына, әсиресе Дамаск қаласына қаратылған:
Инсанлардың ҳәм Израил урыўларының көзи Жаратқан Ийеде.
2Бул сөз Хадрах пенен шегаралас Хаматқа,
Уқыплыларға толы болса да, Тир ҳәм Сидон қалаларына да қаратылады.
3Тир өзине бир қорған қурды,
Гүмисти топырақтай етип,
Алтынды даладағы қумдай етип үйди.
4Деген менен, Ийе оның мал-дүньясын алып қояды,
Байлығын теңизге ылақтырады,
Қаланы болса, от жалмайды.
5Ашкелон буны көрип, зәрреси ушады,
Газа да қорқынышқа түсип, қалтырайды,
Усы аўҳалға түскен Экрон үмити сөнеди.
Газа өз патшасынан айырылады,
Ашкелон қаңырап босап қалады.
6Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ашдодта қаны аралас халық жасайды,
Филист халқының тәкаббирлигине шек қояман.
7Мен олардың аўызларынан қанлы гөшти,
Тислериниң арасынан ҳарам аўқатларды алып таслайман.
Аман қалғанлары болса, Қудайға, Маған тийисли болады,
Яҳуда урыўының бир бөлегине айланады.
Экрон қаласы ебус халқы сыяқлы Меники болады.
8Үйимниң дөгерегине орда қураман,
Басқыншылардан қорғайман.
Мениң Өзим оны бақлап турғаным ушын,
Ҳеш ким халқымның жерине қарсы жүре алмайды».
Ўәде етилген патша
9«Ҳәй, қыз Сион, қатты шадлан!
Ҳәй, қыз Ерусалим, бәлент даўыста шадлан!
Мине, патшаң саған киятыр!
Ол әдил, жеңимпаз ҳәм кишипейил.
Ешекке, жас ешекке,
Гүрреге минип саған киятыр!
10Эфрайымнан#9:10 Эфрайым – арқа патшалық Израил нәзерде тутылған. саўаш арбаларын,
Ерусалимнен атларды алып таслайман.
Саўаш садақлары жоқ қылынады,
Патшаңыз халықларға тынышлық жәриялайды,
Оның ҳүкимдарлығы теңизден теңизге,
Евфрат дәрьясынан дүньяның шетине дейин созылады».
Тутқынларды азат етиў ўәдеси
11«Сион, сизлерге келсек, қурбанлық қаны менен бекиткен келисимим#9:11 Шығ 24:1-8. себепли,
Тутқындағы халқыңызды суўсыз қудық ишинен азат етемен.
12Ҳәй, үмит еткен тутқынлар,
Қорғаныңызға қайтың.
Бүгин Мен сизлерге айтаман,
Жойтқанларыңызды еки есе етип қайтараман.
13Яҳуданы садағым сыяқлы,
Эфрайымды оқ сыяқлы қолланаман.
Ҳәй, Сион, сени қылыштай етип қолланаман,
Яўан халқына қарсы қозғайман».
Жаратқан Ийениң Өз халқын қорғаўы
14Сонда Жаратқан Ийе Өз халқының үстинде пайда болады,
Оның оғы шақмақтай шағады.
Қудай Ийе кәрнай шалады,
Қубла даўыллары менен ҳүжим қылады.
15Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз халқын қорғайды,
Халық өз душпанларын жоқ қылады,
Сақпан таслары менен жеңиске ериседи.
Олар шарап ишкен мәскүнемлердей бақырады,
Олар қурбанлық қанын серпиўге арналған табақтай,
Қурбанлық орынның төрт мүйешиндей қанға толы болады.
16Сол күни олардың Қудайы Жаратқан Ийе,
Шопан өз сүриўин сақлағандай етип, оларды қорғайды.
Оның елинде олар таж гәўҳарындай жарқырайды.
17Бул қандай әжайып ҳәм гөззал болады!
Жас жигит ҳәм қызлар,
Дән менен шараптың молшылығынан гүллеп жаснайды.
Currently Selected:
Зехария 9: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022