Зехария 10
10
Яҳуда ҳәм Израилдың жақты келешеги
1Ерте бәҳәрде Жаратқан Ийеден жаўын тилең,
Жаўын бултларын жиберетуғын,
Адамларға жаўын жаўдыратуғын,
Далаларда өсимлик өсиретуғын Жаратқан Ийе болады.
2Кийели мүсинлердиң сөйлейтуғыны өтирик,
Палкерлердиң ашқан палы жалған,
Олар көрмеген түслерин жалғаннан тоқыйды,
Пайдасы жоқ жубаныш сөзлерин айтады.
Соның ушын, бул халық сүриўдей гезип жүр,
Шопансыз болғаны ушын азап шегип атыр.
3Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ғәзебим шопанларға қарсы лаўлады,
Жолбасшыларды жазалайман.
Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен Өз сүриўиме,
Яҳуда халқына ғамхорлық қыламан.
Оларды әжайып саўаш аты сыяқлы қыламан.
4Күшли мүйеш тасы, шатырдың қазығы ҳәм саўаш қуралындай,
Барлық басшылар Яҳудадан шығады.
5Олар саўашта көшедеги батпақты басқылаған жаўынгерлердей болады,
Жаратқан Ийе, Мен олар менен бирге болғаным ушын,
Олар урысқа шығып,
Душпанының атлыларын шерменде қылады.
6Яҳуда халқын күшейтемен,
Юсуп әўладын қутқараман,
Оларға реҳим қыламан,
Сүргиннен қайтарып алып келемен.
Мен олардан ҳеш қашан жүз бурмағанымдай болады,
Себеби Мен олардың Қудайы Жаратқан Ийемен,
Оларға қулақ саламан.
7Эфрайым халқы батыр жаўынгерлердей болады,
Шарап ишип алғандай, жүреклери йошады.
Балалары буны көрип, шадланады,
Жүреклери Жаратқан Ийеде шадланады.
8Шопандай шақырып, оларды жыйнайман,
Мен оларды азат қыламан.
Бурынғыдай, олар және көбейеди.
9Оларды халықлардың арасына тарқатып жиберсем де,
Узақ жерлерде Мени еслейди,
Балалары менен бирге аман қалып, қайтып келеди.
10Оларды Мысырдан қайтарып алып шығаман,
Ассирия жеринен жыйнап аламан.
Олар көбейгенликтен, өз елиндеги жерлерге сыймайды,
Соның ушын, оларды Гиладқа ҳәм Лебанонға алып келемен.
11Халқым апат теңизинен өтеди,
Олар теңиздиң толқынларын тынышландырады,
Нил дәрьясының түби қурып қалады.
Ассирияның тәкаббирлиги басылады,
Мысыр патшалық ҳасасынан айырылады.
12Халқымды Өз күшим менен қүдиретли қыламан,
Олар Мениң атым менен жүреди».
Булар Жаратқан Ийениң сөзи.
Currently Selected:
Зехария 10: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022