YouVersion Logo
Search Icon

Зехария 7

7
Оразадан гөре әдиллик ҳәм сүйиспеншилик абзал
1Дарийдиң патшалығының төртинши жылының тоғызыншы айы болған кислеў айының төртинши күни Жаратқан Ийеден Зехарияға сөз түсти.
2Бейт-Элдиң турғынлары Саресерди, Регем-Мелехти ҳәм оның адамларын Жаратқан Ийеден мийримин сораў ушын, Ерусалимге жиберип, былай деген еди: 3«Барып, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Үйиндеги руўханийлер ҳәм пайғамбарлардан: „Бизлер көп жыллардан берли бесинши айда Ибадатхананың ўайран қылынғанын еске түсирип, қайғырып, ораза тутып киятырмыз. Усындай қылыўды даўам ете берейик пе?“ – деп сораңлар».
4Сонда маған Әлемниң Жаратқан Ийесинен сөз түсти:
5– Елдиң барлық халқына ҳәм руўханийлерине айт: «Жетпис жыл даўамында сизлер бесинши ҳәм жетинши айларда ораза тутып, қайғырдыңыз. Бирақ шынында да усыны Мен ушын ислеген бе едиңиз? 6Ишип-жегениңиз сыяқлы, өз пайдаңыз ушын ораза тутпадыңыз ба? 7Ерусалим ҳәм оның әтирапындағы аўыллар гүллеп жайнағанда, Негеб ҳәм батыстағы таў етеклери адамларға толы ўақытта, Жаратқан Ийе болған Мен бир неше жыл алдын пайғамбарлар арқалы усы сөзлеримди айтқан жоқпан ба?»
8Жаратқан Ийеден Зехарияға және сөз түсти:
9«Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен былай деген едим: „Әдил ҳүким шығарыңлар. Бир-бириңизге мийирман ҳәм реҳимли болыңлар. 10Жетим-жесирлерге, келгиндилерге ҳәм кәмбағалларға зулымлық қылмаңлар. Бир-бириңизге жаўызлық қылыўды ойламаңлар“. 11Бирақ халқым қулақ салыўдан бас тартты. Өжетлик етип, еситпеў ушын қулақларын жаўып алды. 12Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Мен Руўхым менен алдынғы пайғамбарлар арқалы сөйледим. Бирақ халқым жүреклерин тас қылып, нызам ҳәм сөзлериме қулақ салмады. Соның ушын, Мен оларға қатты ғәзеплендим.
13Мен шақырғанда, олар қулақ салмады, олар шақырғанда, Мен де оларға қулақ салмайман, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. 14– Мен оларды өзлери танымайтуғын халықлардың арасына шашып тасладым. Олардың ели адамсыз қалды, ол жерге ҳеш ким кирип-шықпайтуғын болды. Әжайып ел қула дүзге айланды».

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in