Зехария 12
12
Ерусалимниң жеңиси
1Пайғамбаршылық сөз. Бул Жаратқан Ийениң Израил ҳаққында айтқан сөзлери:
«Көклерди жайып, жер жүзиниң негизин қурған ҳәм инсанға өмир демин берген Жаратқан Ийе былай дейди: 2Ерусалимди дөгерегиндеги халықларды теңселдиретуғын шарап кесеси қыламан. Ерусалим сыяқлы Яҳуда да қамал ишинде қалады. 3Сол күни Мен Ерусалимди басқа халықлар ушын аўыр тастай қыламан, оны көтериўге ҳәрекет еткенлер өзлерин майырып қояды. Жер жүзиндеги барлық халықлар Ерусалимге қарсы биригеди. 4Сол күни, – дейди Жаратқан Ийе, – ҳәр бир атты қорқыныштан сасқалақлатып, атқа мингенлерди ес-ақылынан айыраман. Яҳуда халқына нәзеримди салып, басқа халықлардың барлық атларын соқыр қылып таслайман. 5Сонда Яҳуданың бийлери ишинен: „Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийесине үмит байлаған Ерусалим халқы күш-қүдирет булағымыз“, – деп ойлайды.
6Сол күни Яҳуданың бийлерин отынлардың ортасында жанып турған бир шоқ сыяқлы, дән баўларының арасында жанып турған бир шомдай қыламан. Ол оң ҳәм солдағы, дөгеректеги барлық халықларды жандырып жоқ қылады. Ерусалим болса, саў-саламат өз жеринде турады.
7Даўыт әўладының ҳәм Ерусалим турғынларының даңқы Яҳудадан асып кетпеўи ушын, Жаратқан Ийе болған Мен Яҳуда ордасына алды менен жеңис беремен. 8Мен, Жаратқан Ийе сол күни Ерусалим турғынларын қорғайман. Солай етип, араңыздағы ең ҳәлсиз адам Даўыттай күшли, Даўыт әўлады болса Қудай сыяқлы, өзлерине басшылық еткен Жаратқан Ийениң периштесиндей болады. 9Сол күни Ерусалимге қарсы ҳүжим қылған барлық халықларды жоқ етиўге кирисемен.
10Даўыттың әўлады менен Ерусалим турғынларына мийрим ҳәм дуўа етиў руўхын жиберемен. Олар Маған, яғный өзлери денесин тескенге қарайды. Олар жалғыз улы ушын аза тутқандай, азалайды, туңғыш улы ушын зар жылағандай, жылайды. 11Сол күни Ерусалимдеги аза Мегиддо ойпатлығындағы Ҳадад-Риммонда болған аза сыяқлы жүдә үлкен болады. 12Пүткил ел азалайды. Ҳәр бир әўлад өз алдына аза тутады: Даўыт әўлады өз алдына, олардың ҳаяллары өз алдына, Натан әўлады өз алдына, олардың ҳаяллары өз алдына, 13Лебий әўлады өз алдына, олардың ҳаяллары өз алдына, Шимей әўлады өз алдына ҳәм олардың ҳаяллары өз алдына аза тутады. 14Қалған барлық әўладлар да өз алдына аза тутады. Олардың ҳаяллары да өз алдына аза тутады».
Currently Selected:
Зехария 12: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022