Зехария 11
11
Израилдың душпанларының апаты
1Ҳәй, Лебанон, дәрўазаларыңды аш,
От кедр ағашларыңды жағып жоқ қылсын!
2Ҳәй, сәрўи ағашы, дад сал!
Кедр ағашы қулады,
Уллы тереклер жоқ болды!
Ҳәй, Башандағы емен ағашлары, дад салың,
Қалың тоғайлар кесилди!
3Қулақ сал, шопанлардың шеккен пәриядына,
Олардың әжайып жайлаўлары жоқ болды!
Қулақ сал, арысланлардың ақырған даўысына,
Иордан бойындағы қалың тоғай жоқ болды!
Еки шопан
4Қудайым Жаратқан Ийе былай деди:
– Сойылыўға арналған сүриўге шопанлық қыл. 5Сүриўди сатып алғанлар, оларды сойса да, өкинбей жүрипти. Қойларды сатқанлар болса: «Жаратқан Ийеге алғыслар болсын, байып кеттим!» – дейди. Шопанлар өз сүриўлерине жаны ашымайды. 6Мен енди елде жасап атырған халыққа артық реҳим қылмайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен олардың ҳәр бирин өз қоңсы халқына ҳәм патшасының қолына тапсыраман. Олар елди езеди, Мен де халықты олардың қолынан қутқармайман.
7Солай етип, сойылыўға арналған сүриўге, олардың езилгенлерине шопанлық қылдым. Қолыма еки таяқ алдым, биреўин «Ырзашылық», екиншисин «Бирлик» деп атап, сүриўди бақтым. 8Бир айдың ишинде үш шопанды қуўып жибердим. Мениң сүриўге болған сабыр-тақатым таўысылды, олар да мени жек көрди. 9Сонда мен сүриўге:
– Артық сизлерди бақпайман. Өлетуғыны өлсин, набыт болатуғыны набыт болсын, аман қалғанлары бир-бириниң етин жесин, – дедим.
10Кейин «Ырзашылық» деген таяғымды алып, оны сындырдым. Усылай қылып, Жаратқан Ийениң барлық халықлар менен дүзген келисимин бузғанын көрсеттим. 11Солай етип, келисим сол күни бузылды. Мени гүзетип турған сүриўдиң езилгенлери бул истиң Жаратқан Ийениң жиберген хабары екенин түсинди.
12Мен оларға:
– Егер мақул деп тапсаңыз, мениң ис ҳақымды бериң, болмаса бермей-ақ қойың, – дедим. Сонда олар маған отыз шекел#11:12 Отыз шекел – бир шекел шама менен 11 гр. гүмисти ис ҳақым ушын өлшеп берди.
13Жаратқан Ийе маған:
– Буны гүлалшының алдына тасла, – деди. Солай етип, өзлери жоқары деп баҳалаған отыз шекел гүмисти алып, Жаратқан Ийениң Үйиндеги гүлалшының алдына тасладым.
14Кейин «Бирлик», деп аталған екинши таяғымды сындырдым. Усылай етип, Яҳуда менен Израил арасындағы туўысқанлық бирликти буздым.
15Жаратқан Ийе маған және былай деди:
– Бар, және бир мәрте шопанлық қыл, надан шопандай ҳәрекет ет. 16Елге сондай бир шопан жиберемен, ол набыт болып атырғанларға қарамайды, жойтылғанларды излемейди, жарақатланғанларға шыпа бермейди, саўларын азықландырмайды. Ал семиз қойлардың гөшин жеп, туяқларын жулып таслайды.
17«Ҳәсирет шегесең, сүриўди тәрк ететуғын надан шопан!
Қылыш келсин қолыңа ҳәм оң көзиңе,
Пүткиллей қурып қалсын қолың,
Пүткиллей соқыр болсын оң көзиң!»
Currently Selected:
Зехария 11: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022