Римлилер 9
9
Қудай таңлаған Израил халқы
1Масийхқа тийисли адам сыпатында ҳақыйқатын айтып атырман, өтирик сөйлеп турғаным жоқ. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын ҳүжданым да буған гүўа: 2жүрегимде үлкен бир қайғым ҳәм таўысылмас бир дәртим бар. 3-4Қанымыз бир болған туўысқанларымның, яғный израиллылардың қутқарылыўы ушын, мен Қудайдың ғарғысына ушырап, Масийхтан аласлатылыўым керек болса, қайыл болар едим. Қудай Израил халқын балалары қылып асырап алған, оларға Өз уллылығын берип, олар менен келисим дүзген. Оларға Мухаддес Нызамын ҳәм Қудайға хызмет етиў қағыйдаларын тапсырып, ўәделерин де берген. 5Олар уллы ата-бабаларымыздың урпақлары ҳәм Масийх та адам денесинде олардың урпағынан келип шыққан. Масийх – ҳәммениң үстинен ҳүкимдар болған, мәңги алғысларға ылайық Қудайдың Өзи. Аўмийин.
6Мен Қудайдың сөзи орынланбады, демекши емеспен. Себеби Израилдың урпағы болғанлардың ҳәммеси де ҳақыйқый израиллылар емес. 7Және де, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Ибрайымның ҳақыйқый балалары емес. Қудай Ибрайымға: «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди»,#9:7 Жар 21:12. – деген еди. 8Демек, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳәммеси де Қудайдың балалары емес. Ал Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси бойынша туўылғанлар ғана Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болып есапланады. 9Өйткени Қудайдың Ибрайымға берген ўәдеси мынадай еди: «Келеси жылы усындай ўақытта жаныңа қайтқанымда, Сара уллы болады».#9:9 Жар 18:14.
10Соның менен бирге, Ребекка да бабамыз Ысақтан ҳәмиледар болып, егиз ул туўды. 11-12Бирақ, бул балалар туўылмастан алдын ҳәм олар еле жақсы ямаса жаман бир нәрсе ислеместен бурын Қудай Ребеккаға: «Үлкени кишкенесине бағынышлы болар»,#9:11-12 Жар 25:23. – деген еди. Солай етип, Қудай усы еки баладан биреўин таңлап алғанда, оны ислерине қарап емес, ал белгилеген жобасының иске асыўы ушын, Өз ерки менен таңлап алды. 13Ҳәтте, Қудай Мухаддес Жазыўда: «Яқыпты сүйдим, ал Эсаўды жек көрдим»,#9:13 Мал 1:2-3. – деген.
14Олай болса, не деймиз? Қудай әдалатсыз болғаны ма? Ҳеш қашан! 15Себеби Қудай Муўсаға былай деген:
«Кимге мийрим-шәпәәтимди бериўди қәлесем, соған мийрим-шәпәәтимди беремен. Кимге реҳим етиўди қәлесем, соған реҳим етемен».#9:15 Шығ 33:19.
16Солай етип, буған ерисиў адамның қәлеўине ямаса тырысыўына емес, ал Қудайдың мийрим-шәпәәтине байланыслы. 17Өйткени Қудай Мухаддес Жазыўда фараонға#9:17 Фараон – әййемги Мысырда патша усылай аталған. былай деген:
«Қүдиретимди сен арқалы көрсетиў ушын ҳәм атым пүткил жер жүзине жәрияланыўы ушын, сени мәртебели қылдым».#9:17 Шығ 9:16.
18Солай етип, Қудай қәлеген адамына мийрим-шәпәәтин береди ҳәм қәлеген адамын тас баўыр қылады.
Қудайдың ғәзеби ҳәм реҳими
19Енди сен меннен: «Егер Қудай усылай ислесе, Ол неге адамды айыплайды? Оның еркине ким қарсы тура алады?» – деп сораўың мүмкин. 20Бирақ, ҳәй адам, Қудайға қарсылық көрсететуғындай, сен кимсең? Дөретилген нәрсе өзин дөреткенге: «Мени неге бундай қылып дөреттиң?» – дей ме? 21Я болмаса, гүлалшы бир ылайдан еки ыдыс соққанда, биреўин қымбатлы ис ушын қолланылатуғын ыдыс, ал екиншисин әпиўайы ис ушын қолланылатуғын ыдыс қылып соғыўға ҳақылы емес пе?
22Қудай да усылай ис тутады. Ол набыт қылыныўға ҳәм Өзиниң ғәзебине ушыраўға ылайықлы адамларға ғәзебин төгип, күшин көрсетиўди қәлесе де, оларға үлкен сабырлылық көрсетти. 23Және де, Қудай мәртебеге еристириў ушын Өзи алдын ала таярлап қойған адамларына реҳим етип, Өзиниң шексиз уллылығын көрсетти. 24Тек яҳудийлер арасынан емес, ал басқа миллетлер арасынан да Қудай таңлаған усы адамлар – бизлермиз. 25Ҳошеа пайғамбардың китабында Қудай былай деген:
«Халқым болмаған халықты, „халқым“ деп,
Сүймегенимди „сүйиклим“ деп атайман».#9:25 Ҳош 2:23.
26«„Сизлер мениң халқым емессиз“, – деген жерде,
Тири Қудайдың балалары деп аталасыз».#9:26 Ҳош 1:10.
27Ийшая пайғамбар да Израил туўралы бәлент даўыс пенен былай дейди:
«Израил халқының саны теңиз қумындай көп болса да,
Тек олардан аман қалғанлары ғана қутқарылады.
28Себеби Жаратқан Ийе шығарған ҳүкимин,
Жер жүзинде тез ҳәм толық әмелге асырады».#9:27-28 Ийш 10:22-23.
29Ийшая пайғамбардың болжап айтқанындай:
«Егер Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Бизлерден нәсил қалдырмағанда,
Бизлер Содомдай болар,
Гомораға мегзер едик».#9:29 Ийш 1:9; Жар 18:16–19:28.
Израил халқының исенбеўи
30Олай болса, не деймиз? Қудай алдында ақланыўға тырыспаған басқа миллет адамлары өз исеними арқалы ақланды. 31Ал Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланыўға тырысқан Израил халқы Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақлана алмады. 32Не ушын? Өйткени олар ақланыўға исеними арқалы емес, ал саўап ислери арқалы ерисиўге тырысты. Сонлықтан олар сүрниктиретуғын тасқа сүрнигип қулады. 33Мухаддес Жазыўда:
«Минекей, Мен Сионда бир тасты,
Сүрниктиретуғын тас, қулататуғын жартасты орнатаман.
Бирақ, Оған#9:33 Оған – Ийса Масийхқа.исенген адам ҳеш қашан уятқа қалмайды»,#9:33 Ийш 8:14; 28:16. – делинген.
Currently Selected:
Римлилер 9: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: