YouVersion Logo
Search Icon

Римлилер 10

10
1Туўысқанларым! Мениң жүрегимдеги әрманым ҳәм Қудайдан жалбарынатуғын тилегим – бул халқым болған израиллылардың қутқарылыўы. 2Олардың Қудайға инталы екенине өзим гүўаман. Бирақ, бул инта ҳақыйқый түсиникке тийкарланбаған. 3Себеби олар Қудайдың ақлаў жолын түсинбей, ақланыўға Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ерисиўге тырысып, Қудайдың ақлаў жолын қабыл етпеди.
4Масийх Мухаддес Нызамның талапларын толық орынлағанлықтан, Оған исенген ҳәр бир адам Қудай алдында ақланады.
Исенген ҳәр бир адам қутқарылады
5Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыў ҳаққында Муўса мыналарды жазады: «Мухаддес Нызамдағы буйрықларды орынлаған адам олар арқалы жасайды».#10:5 Леб 18:5. 6Ал исеним арқалы ақланыў былай дейди: «Кеўлиңде: „Масийхты жерге түсириў ушын ким аспанға шығады?“#10:6 Нзм 30:12. 7ямаса: „Масийхты өлимнен тирилтиў ушын ким туңғыйыққа түседи?“#10:7 Нзм 30:13. – деме». 8Бирақ, Мухаддес Жазыў не демекте? «Қудайдың сөзи саған жақын. Ол сениң аўзыңда ҳәм жүрегиңде».#10:8 Нзм 30:12-14. Бизлер жәриялап атырған исеним ҳаққындағы сөзлер – усылар болады. 9Егер сен Ийсаны «Ийем» деп аўзың менен ашық тән алсаң ҳәм Қудайдың Оны өлимнен тирилткенине шын жүректен исенсең, қутқарыласаң. 10Өйткени адам шын жүректен исенгени арқалы ақланады ҳәм исеними ҳаққында аўзы менен ашық тән алғаны арқалы қутқарылады. 11Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды».#10:11 Ийш 28:16. 12Себеби яҳудий менен гректиң арасында айырмашылық жоқ. Олардың ҳәммесиниң Ийеси бир. Ол Өзин шақырғанлардың ҳәммесине сақый. 13Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаратқан Ийениң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады».#10:13 Иол 2:32.
14Бирақ, Қудайға исенбей турып, Оны қалай шақырыўға болады? Ол туўралы еситпей турып, Оған қалай исениўге болады? Қудай ҳаққында сөзди жәриялаўшы болмаса, қалай еситиўге болады? 15Сөзди жәриялаўға жиберилмесе, оны қалай жәриялайды? Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Хош Хабарды жәриялаўшылардың аяқлары қандай әжайып!»#10:15 Ийш 52:7.
16Деген менен, Хош Хабарға израиллылардың ҳәммеси де исене бермеди. Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийем! Бизлер айтқан хабарға ким исенди?»#10:16 Ийш 53:1. 17Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады, ал еситиў Масийх ҳаққында сөздиң жәрияланыўы арқалы болады. 18Бирақ, мениң сорайтуғыным мынаў: израиллылар еситпеди ме? Әлбетте, еситти.
«Хабарлары ҳәр тәрепке тарқалды,
Сөзлери дүньяның төрт тәрепине жетип барды».#10:18 Заб 18:5.
19Мен және бир нәрсени сорамақшыман: Израил түсинбеди ме? Дәслеп Муўса арқалы Қудай былай деген еди:
«Мен де халық болмаған бир халық пенен,
Сизлерде қызғаныш оятаман.
Ақылсыз бир халық пенен, сизлердиң ғәзебиңизге тийемен».#10:19 Нзм 32:21.
20Соңынан Ийшая пайғамбар Қудайдың сөзлерин батырлық пенен айтып:
«Излемегенлер Мени тапты,
Мени сорамағанларға Өзимди аян еттим»,#10:20 Ийш 65:1. – деген еди.
21Ал, Израил халқы ҳаққында Қудай былай дейди:
«Сөзимди тыңламайтуғын қайсар бир халыққа,
Күни бойы қушағымды ашып турдым».#10:21 Ийш 65:2.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in