Матта 5
5
Таўдағы ўаз
1Ийса аламанды көрип, бир таўға шықты. Ол отырғаннан кейин, шәкиртлери қасына келди. 2Ийса оларға былай деп тәлим бере баслады:
Ҳақыйқый бахытлылық
(Лук 6:20-23)
3– Қудайға мүтәж екенлигин түсингенлер бахытлы!
Аспан Патшалығы олардики!
4Қайғырып жүргенлер бахытлы!
Олар жубаныш табады.
5Кишипейиллилер бахытлы!
Олар жер жүзине ийелик етеди.
6Ҳақлықты аңсап, оған умтылғанлар бахытлы!
Қудай оларды толық қанаатландырады.
7Мийрим-шәпәәтлилер бахытлы!
Олар мийрим-шәпәәт алады.
8Пәк кеўиллилер бахытлы!
Олар Қудайды көреди.
9Жарастырыўшылар бахытлы!
Олар Қудайдың балалары деп аталады.
10Ҳақлық ушын қуўдаланғанлар бахытлы!
Аспан Патшалығы олардики.
11Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли өтирик сөзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар! 12Қуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған.
Дуз ҳәм нур
(Мрк 9:50; Лук 14:34-35)
13– Сизлер – дүньяның дузысызлар. Бирақ дуз өз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Онда ол ҳеш нәрсеге жарамайды, тек шығарып тасланып, адамлардың аяғы астында басылып қалады.
14Сизлер – дүньяның нурысызлар. Таў басына салынған қала жасырын болып қалмайды. 15Сондай-ақ шыраны жаққаннан соң, оны ыдыстың астына емес, ал шыра қойғышқа қояды, сонда ол үйдегилердиң ҳәммесине өз жақтысын түсиреди. 16Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди көрип, аспандағы Әкеңизди даңққа бөлесин!
Мухаддес Нызам туўралы
17– Сизлер Мени Мухаддес Нызамды ямаса пайғамбарлардың Жазыўларын бийкар етиўге келди, деп ойламаңлар. Мен бийкар етиў ушын емес, ал орынлаў ушын келдим. 18Сизлерге шынын айтып турман: аспан менен жер жойылмағанша, Мухаддес Нызамның бир ҳәриби де, бир ноқаты да жойылмайды, барлығы да орынланыўы тийис. 19Солай етип, ким де ким усы буйрықлардың ең киши биреўин бузып, адамларға да солай үйретсе, ол Аспан Патшалығында ең киши болып саналады. Ал ким де ким оларды орынлап, адамларға үйретсе, ол Аспан Патшалығында уллы болып саналады. 20Мениң сизлерге айтатуғыным: егер сизлердиң ҳақлығыңыз диний муғаллимлер менен парисейлердикинен артық болмаса, сизлер Аспан Патшалығына кирмейсиз.
Ғәзеп туўралы
21– «Адам өлтирме! Ким де ким адам өлтирсе, ол ҳүким етилиўге тийисли»#5:21 Шығ 20:13., – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. 22Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким туўысқанына бийкарға#Мат 5:22 бийкарға – Базы қолжазбаларда «бийкарға» деген сөз жоқ. ғәзепленсе, ол ҳүким етилиўи тийис. Ким де ким туўысқанын масқаралап, оған: «Ақылсыз адамсаң!» десе, жоқарғы кеңес тәрепинен ҳүким етилиўи тийис. Ал ким де ким туўысқанына: «Ақмақ!» десе, дозақ отына түсиўи тийис. 23Сонлықтан егер де сен қурбанлығыңды қурбанлық орынға алып келгениңде, туўысқаныңның саған өкпели екени сол жерде есиңе түссе, 24қурбанлығыңды сол жерде, қурбанлық орынның алдында қалдырып, әўели туўысқаныңа барып, оның менен жарасып ал! Соңынан қайтып келип, қурбанлығыңды Қудайға бер.
25Биреў саған қарсы даў көтерип, сени қазыханаға алып баратырғанда, оның менен тезирек жарасып ал. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени сақшыға тапсырып, қаматып таслайды. 26Саған шынын айтаман: соңғы тийиниңди төлеп таўыспағаныңша, ол жерден шыға алмайсаң.
Неке ҳадаллығын бузыў ҳәм ажырасыў туўралы
27– Сизлер: «Неке ҳадаллығын бузба!»#5:27 Шығ 20:14. – дегенди еситкенсиз. 28Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады. 29Егер сени оң көзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа тасланғанынан гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады. 30Егер сени оң қолың азғырса, оны шаўып тасла. Пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады.
31Тағы да: «Ким де ким өз ҳаялы менен ажыраспақшы болса, оған талақ хат берсин»#5:31 Нзм 24:1., – делинген. 32Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким неке ҳадаллығын бузбаған ҳаялынан ажырасса, ҳаялының неке ҳадаллығын бузыўына себепкер болады. Сондай-ақ ким де ким күйеўинен ажырасқан бир ҳаялды алса, ол неке ҳадаллығын бузады.
Ант ишиў туўралы
33– Тағы да сизлер: «Антыңды бузба, Жаратқан Ийе алдында антыңды орынла!»#5:33 Леб 19:12; Сан 30:3; Нзм 23:21. – деп бурынғыларға айтылғанды еситкенсиз. 34Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳеш ўақытта ант ишпе! Аспан менен де ант ишпе, өйткени ол – Қудайдың тахты. 35Жер менен де ант ишпе, себеби ол – Оның аяқ басары. Ерусалим менен де ант ишпе, өйткени ол – уллы Патшаның қаласы. 36Өз басың менен де ант ишпе, себеби сен шашыңның бир талын да я ағарта, я қарайта алмайсаң. 37Сизлердиң: «аўа» сөзиңиз «аўа», «яқ» сөзиңиз «яқ» болсын, буннан басқасы шайтаннан.
Өш алыў туўралы
(Лук 6:29-30)
38– Сизлер: «Көзге көз, тиске тис»#5:38 Шығ 21:24; Леб 24:20; Нзм 19:21., – дегенди еситкенсиз. 39Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: жаман адам менен қарсыласпаң. Биреў бетиңниң оң жағына урса, оған бетиңниң сол жағын да тут. 40Биреў сениң менен даўласып көйлегиңди алғысы келсе, оған шапаныңды да шешип бер. 41Биреў сени өзи менен бирге бир шақырым жер жүриўге мәжбүрлесе, оның менен бирге еки шақырым жүр. 42Сеннен сорағанға бер, сеннен қарызға алайын дегеннен аяма.
Душпанларыңызды сүйиңлер!
(Лук 6:27-28, 32-36)
43– Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй#5:43 Леб 19:18., душпаныңды жек көр» – дегенди еситкенсиз. 44Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер#Мат 5:44 сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер – Айырым қолжазбаларда «сизлерди ғарғағанларды жарылқаң. Сизлерди жек көргенлерге жақсылық қылың. Сизлерге қопал қатнас жасағанлар ҳәм қуўдалағанлар ушын дуўа етиң».. 45Сонда аспандағы Әкеңиздиң балалары боласызлар. Өйткени Ол жаманлардың үстине де, жақсылардың үстине де, Өз қуяшының нурын төгеди ҳәм ҳақ адамлардың үстине де, наҳақлардың үстине де, жаўынын жаўдырады. 46Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемей ме? 47Сизлер туўысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай өзгешелигиңиз бар? Бутқа табыныўшылар да солай ислемей ме? 48Солай етип, аспандағы Әкеңиздиң минсиз болғаны сыяқлы, сизлер де минсиз болыңлар!
Currently Selected:
Матта 5: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: