YouVersion Logo
Search Icon

Матта 4

4
Ийсаның сыналыўы
(Мрк 1:12-13; Лук 4:1-13)
1Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге алып барды. 2Ийса сол жерде қырық күн, қырық түн ораза тутып, ақыры аш болды. 3Сонда азғырыўшы шайтан Оның қасына келип:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, мына тасларға буйыр, олар нанға айлансын! – деди.
4Ийса жуўап қайтарып:
«Адам тек ғана нан менен емес, ал Қудайдың аўзынан шыққан ҳәр бир сөз бенен жасайды»#4:4 Нзм 8:3., –
деп айтылған, – деди.
5Соннан соң, шайтан Оны мухаддес қала Ерусалимге алып барып, Ибадатхананың төбесине турғызып қойды да, 6Оған:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, төмен секир. Себеби былай деп жазылған:
«Ол периштелерине буйрық береди.
Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын,
Олар Сени қолларында алып жүреди»#4:6 Заб 90:11-12., – деди.
7Ийса оған:
– «Қудайың Жаратқан Ийени сынама!»#4:7 Нзм 6:16. – деп те жазылған, – деди.
8Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатын көрсетип:
9– Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди.
10Сонда Ийса оған:
– Жоқ бол көзимнен, шайтан!
«Қудайың Жаратқан Ийеге сыйынып, тек Оған хызмет ет!»#4:10 Нзм 6:13.
деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.
11Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.
Ийсаның Өз хызметин баслаўы
(Мрк 1:14-15; Лук 4:14-15)
12Ийса Яқыяның тутқынға алынғанын еситип, Галила үлкесине қайтып кетти. 13Ол Насыра қаласын қалдырып, Зебулон ҳәм Нафталий дөгерегиндеги көлдиң жағасында жайласқан Капарнаҳум қаласына келип орналасты. 14Солай етип, Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлер орынланды:
15«Ҳәй, Зебулон жери менен Нафталий жери,
Теңизге баратуғын жолдағы,
Иорданның арғы жағасындағы,
Басқа миллетлер жасайтуғын Галила ели!
16Қараңғылықта жасаған халық
Үлкен бир жарықты көрди.
Өлим қараңғысында жасағанлар ушын,
Жақтылық нуры түсти»#4:15-16 Ийш 9:1-2..
17Сол ўақыттан баслап, Ийса:
– Тәўбе етиңлер! Себеби Аспан Патшалығы жақынлады! – деп жәриялай баслады.
Ийсаның дәслепки шәкиртлери
(Мрк 1:16-20; Лук 5:1-11)
18Ийса Галила көлиниң жағасында жүргенде, көлге аў салып атырған еки ағалы-инилини: Петр деп аталған Шимонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. 19Ийса оларға:
– Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды аўлайтуғын аўшылар#4:19 Адамларды аўлайтуғын аўшылар – Қудайдың жолына түсириўшилер. қыламан, – деди.
20Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
21Сол жерден кетип баратырып, Ол басқа еки ағалы-инилини: Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар әкеси Зебедей менен бирге қайықта аўларын жамап отырған еди. Ийса оларды да шақырды. 22Олар дәрриў қайықты да, әкесин де қалдырып, Оның изине ерди.
Ийсаның аўырыўларға шыпа бериўи
(Лук 6:17-19)
23Ийса пүткил Галила үлкесин аралап жүрди. Олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабарды жәриялап, халықтағы ҳәр қандай аўырыў ҳәм ҳәлсизликти шыпалайтуғын еди. 24Ийса туўралы хабар пүткил Сирияға жайылды. Барлық аўырыў адамларды, түрли сырқаў ҳәм дәртке ушырағанларды, жин урғанларды, қояншық ҳәм ләң болғанларды Оған алып келди. Ийса оларға шыпа берди. 25Оның изине Галиладан, Декаполистен, Ерусалимнен, Яҳудиядан ҳәм Иорданның арғы жағынан келген көп халық ерип жүрди.

Currently Selected:

Матта 4: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in