YouVersion Logo
Search Icon

Матта 24

24
Ийсаның Ибадатхананың қыйралыўын болжаўы
(Мрк 13:1-13; Лук 21:5-19)
1Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлери Оған Ибадатхананың имаратларын нусқап көрсетиў ушын қасына келди. 2Сонда Ийса оларға:
– Мыналардың бәрин көрип турсызлар ма? Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3Соннан соң, Ол Зәйтүн таўында отырғанда шәкиртлери аўлақта Оның қасына келип:
– Устаз, буның қашан болатуғынын бизлерге айтып бер. Сениң келиўиңди ҳәм усы заманның ақырын қандай белги билдиреди? – деп сораў қойды.
4Ийса оларға былай деп жуўап берди:
– Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 5Себеби көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масийхпан» деп, көп адамларды алдайды. 6Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар туўралы хабарларды еситесизлер, бирақ қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 7Өйткени миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи, көп жерлерде ашаршылықлар ҳәм жер силкиниўлер болады. 8Ал булардың ҳәммеси толғақ азабының басланыўына уқсайды.
9Сонда сизлерди қыйнаўға услап береди ҳәм өлтиреди. Мениң атым ушын барлық халықлар сизлерди жек көреди. 10Сонда көп адамлар исенимнен қайтады, бир-бирине сатқынлық ислеп, бир-бирин жек көреди. 11Көплеген жалған пайғамбарлар пайда болып, көп адамларды алдайды. 12Нызамсызлық көбейгенликтен, көп адамлардың сүйиспеншилиги суўыйды. 13Бирақ, ақырына дейин шыдаған қутқарылады. 14Аспан Патшалығы туўралы Хош Хабар пүткил жер жүзине жәрияланып, барлық халықларға гүўалық болады. Соннан кейин, усы заманның ақыры келеди.
Ең уллы апат
(Мрк 13:14-23; Лук 21:20-24)
15– Ал Даниел пайғамбар алдын ала айтқан ўайран қылатуғын жеркенишли бир заттың мухаддес орында турғанын көргениңизде#24:15 Дан 9:27; 11:31; 12:11., – пайғамбардың жазыўын оқыған адам бул заттың мәнисин түсинсин, – 16Яҳудиядағылар таўларға қашсын. 17Ким де ким тамның төбесинде болса, үйинен бир нәрсе алыў ушын төменге түспесин. 18Ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын. 19Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 20Қашатуғын ўақытларыңыз қыс мәўсимине ямаса Шаббат күнине#24:20 Яҳудийлердиң нызамы бойынша, бул күни жумыс ислеў ҳәм узақ жолға шығыў қадаған етилген еди. туўры келмесин деп, дуўа етиңлер. 21Себеби сонда дүнья жаратылғаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын уллы апат болады. 22Егер сол күнлер қысқартылмағанда, ҳеш ким де қутқарылмаған болар еди, бирақ таңлап алынғанлар ушын, сол күнлерди қысқартады.
23Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масийх бул жерде!» ямаса: «Ол ана жерде» десе исенбеңлер. 24Өйткени жалған масийхлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды да алдаў ушын, уллы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди. 25Дыққат етиңлер! Мен сизлерге алдын ала айтып атырман.
26Солай етип, егер сизлерге: «Мине, Ол шөлистанда!» десе, шықпаңлар ямаса: «Ол жасырын бөлмелерде» десе, исенбеңлер. 27Себеби Адам Улының келиўи шығыста пайда болып, аспан бойлап батысқа зуўлап өткен жылдырымдай болады.
28Өлик қай жерде болса, қузғынлар сол жерге жыйналады.
Адам Улының қайта келиўи
(Мрк 13:24-27; Лук 21:25-28)
29– Сол күнлердиң апатынан соң,
«Бирден қуяш қараңғыланады,
Ай өз жақтысын түсирмейди,
Жулдызлар аспаннан түсип,
Аспан күшлери силкинеди»#24:29 Ийш 13:10; 34:4..
30Сонда аспанда Адам Улының кәраматлы белгиси көрингенде, жер жүзиндеги барлық халықлар жылай баслайды. Олар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен аспандағы бултлардың үстинде киятырғанын көреди.#24:30 Дан 7:13. 31Кәрнайдың күшли даўысы менен Ол Өзиниң периштелерин жибереди ҳәм олар дүньяның төрт тәрепинен, аспанның бир шетинен баслап екинши шетине дейин, Оның таңлап алғанларын жыйнап келеди.
Әнжир ағашын мысалға алыңлар!
(Мрк 13:28-31; Лук 21:29-33)
32– Әнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер. 33Сол сыяқлы, сизлер усылардың ҳәммесин көргениңизде Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер! 34Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады. 35Аспан менен жер жойылады, бирақ Мениң сөзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
Сол күнди ямаса саатты ҳеш ким де билмейди
(Мрк 13:32-37; Лук 17:26-30, 34-36)
36– Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де#Мат 24:36 Улдың Өзи де – Бул сөзлер кейинги қолжазбаларда жоқ., тек ғана Әкем биледи. 37Нухтың заманында қалай болған болса, Адам Улы келгенде де солай болады. 38Өйткени топан суўынан бурын, Нух кемеге#24:38 Жар 6:14-16. минген күнге дейин, адамлар ишип-жеди, үйленди, турмысқа шықты. 39Топан суўы басып, бәрин қырып жойғанға дейин, олар аңғармады. Адам Улы келгенде де солай болады. 40Сол ўақытта еки адам атызда болса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады. 41Еки ҳаял дигирман тартып отырса, биреўи алынып, екиншиси қалдырылады.
42Солай етип, сергек болыңлар! Себеби Ийеңиздиң қашан келетуғынын билмейсизлер. 43Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының түнниң қайсы ўақтында келетуғынын билсе уйықламай, үйине урының бузып кириўине мүмкиншилик бермеген болар еди. 44Сонлықтан сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Өйткени Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
45Ийеси үй-ишимдегилерди басқарсын ҳәм оларға ўақтында аўқатын берсин деп тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы хызметши ким? 46Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын көрсе, сол хызметши бахытлы! 47Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны өзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды. 48Ал егер сол хызметши жаман болып, ишинен: «Ийем тез келе қоймас», – деп ойлап, 49хызметши жолдасларын сабап, мәскүнемлер менен бирге ишип-жесе, 50сонда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, 51оны аяўсыз жазалап, еки жүзлилердиң аўҳалына салады. Сол жерде ол жылап, пушайман жейди.

Currently Selected:

Матта 24: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in