YouVersion Logo
Search Icon

Матта 23

23
Ийсаның диний муғаллимлер менен парисейлерди айыплаўы
(Мрк 12:38-40; Лук 11:39-51; 13:34-35; 20:45-47)
1Сонда Ийса халыққа ҳәм Өзиниң шәкиртлерине былай деди:
2– Муўсаның орынлығына диний муғаллимлер менен парисейлер отырды. 3Сонлықтан олардың сизлерге айтқанларының ҳәммесин де орынлаңлар. Бирақ, олардың ислегенин ислемеңлер. Себеби олар айтады, бирақ айтқанларын өзлери ислемейди. 4Олар көтерип жүриўге қыйын аўыр жүклерди байлап, адамлардың ийнине салып, көтертеди. Ал өзлери оларды бармағы менен де қозғағысы келмейди. 5Олар барлық ислерин адамлардың көзине түсиў ушын ғана ислейди. Ишине Қудайдың Сөзи жазып салынған қутыларының көлемин үлкейтип, маңлайларына байлап, кийимлериниң шашақларын узын етип қояды. 6Олар зыяпатларда төрде, мәжилисханаларда сыйлы орында отырғанды жақсы көреди. 7Базар майданларында өзлерине сыйлап сәлем бергенди ҳәм өзлерин «устаз» деп атаўын унатады. 8Ал сизлер өзлериңизди «устаз» деп ататпаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Устазыңыз бар. Сизлердиң бәриңиз бир-бириңизге туўысқансыз. 9Жер жүзинде ҳеш кимди де «әке» деп атамаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Әкеңиз бар, Ол аспанда. 10Өзлериңизди «жолбасшы» деп те ататпаңлар, себеби сизлердиң жалғыз-ақ жолбасшыңыз бар, Ол – Масийх. 11Араңыздағы ең уллыңыз сизлердиң хызметшиңиз болсын. 12Өйткени ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ким де ким өзин пәс тутса, ол мәртебели қылынады.
13Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби сизлер адамларға Аспан Патшалығының есигин жабасызлар. Өзлериңиз де кирмейсизлер, киргиси келгенлерди де киргизбейсизлер. [14#Мат 23:14 Базы қолжазбаларда 14-аят та бар: «Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби жесирлердиң үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узақ дуўа етиўши сизлер бул ушын аўыр жаза аласызлар».]
15Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер өз диниңизге бир адамды болса да киргизиў ушын теңизди де, қурғақлықты да айланып шығасызлар. Ал киргизгеннен соң, оны өзлериңизден де еки есе жаман дозақы қыласызлар.
16Ҳәсирет шегесизлер, соқыр жетелеўшилер! Сизлер былай дейсизлер: «Ким де ким Ибадатхана менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким Ибадатханадағы алтын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли». 17Ҳәй, ақылсыз соқырлар! Қайсысы уллырақ: алтын ба ямаса алтынды мухаддес қылатуғын Ибадатхана ма? 18Және де: «Ким де ким қурбанлық орын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким оның үстиндеги қурбанлық пенен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли», – дейсизлер. 19Ҳәй, соқырлар! Қайсысы уллырақ: қурбанлық па ямаса қурбанлықты мухаддес қылатуғын қурбанлық орын ба? 20Солай етип, қурбанлық орын менен ант етиўши адам орын менен де, орынның үстиндегилердиң ҳәммеси менен де ант еткен болады. 21Ибадатхана менен ант етиўши адам Ибадатхана менен де, онда жасайтуғын Қудай менен де ант еткен болады. 22Аспан менен ант етиўши адам Қудайдың тахты менен де, оның үстинде отырған Қудай менен де ант еткен болады.
23Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер жалбыз, анис, зире сыяқлы өсимликлердиң оннан бирин бересизлер, бирақ Мухаддес Нызамдағы ең баслыларына: әдилликке, мийрим-шәпәәтке ҳәм садықлыққа кеўил бөлмейсизлер. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди. 24Ҳәй, ширкейди сүзип таслап, түйени жутатуғын соқыр жетелеўшилер!
25Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ олардың иши нәпсиқаўлық ҳәм жүўенсизликке толған. 26Ҳәй, соқыр парисей! Сен дәслеп табақ-кесениң ишин тазала, сонда олардың сырты да таза болады.
27Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ҳәкленген қәбирлерге уқсайсызлар: олар сыртынан сулыў болып көринсе де, иши өликлердиң сүйеклери менен патаслыққа толған. 28Сол сыяқлы сизлер де сыртыңыздан адамларға өзлериңизди ҳақ адам етип көрсетесизлер, бирақ ишлериңиз еки жүзлилик пенен нызамсызлыққа толы.
Жазаларыңызды тартасызлар!
29– Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. Ҳақ адамлардың естеликлерин безеп: 30«Егер де ата-бабаларымыздың заманында өмир сүргенимизде, пайғамбарлардың қанын төгиўде оларға шерик болмас едик», – дейсизлер. 31Солай етип, өзлериңиздиң пайғамбарларды өлтиргенлердиң урпағы екенлигиңизди дәлиллейсизлер. 32Ата-бабаларыңыздың ислеген гүналарының мөлшерин толықтыра бериңлер! 33Жыланлар, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер қалай етип дозақ жазасынан қашып қутылмақшысызлар? 34Сол себепли Мен сизлерге пайғамбарларды, даналарды, диний муғаллимлерди жиберемен. Сизлер олардың гейбиреўлерин өлтиресизлер, гейбиреўлерин атанақ ағашқа шегелейсизлер, басқаларын мәжилисханаларыңызда қамшылап, қаладан-қалаға қуўдалайсызлар. 35Солай етип, ҳақ Абылдың#23:35 Жар 4:8. қанынан баслап, Ибадатханадағы Мухаддесхана менен қурбанлық орынның арасында сизлер өлтирген Барақияның улы Зехарияның#23:35 2Жлн 24:20-22. қанына дейин, жер бетинде төгилген ҳақ адамлардың қанларының бәри де сизлердиң мойынларыңызға жүкленеди. 36Сизлерге шынын айтып турман: булардың ҳәммеси ушын усы әўлад жазаға тартылады.
Ийсаның Ерусалим туўралы қайғырыўы
37– Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас боран қылыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер. 38Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады. 39Сизлерге айтатуғыным: «Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!»#23:39 Заб 117:26. – деп айтқанларыңызға дейин Мени қайтып көрмейсизлер.

Currently Selected:

Матта 23: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in