YouVersion Logo
Search Icon

Матта 22

22
Үйлениў тойы туўралы тымсал
(Лук 14:15-24)
1Ийса оларға тымсаллар менен сөзин даўам етип, былай деди:
2– Аспан Патшалығы бир патшаның өз баласының үйлениў тойын бергенине уқсайды. 3Тойға мирәт етилгенлерди шақырып келиў ушын, патша хызметшилерин жиберипти. Бирақ олардың келгиси келмепти. 4Сонда ол және басқа хызметшилерин жиберип: «Мирәт етилгенлерге айтыңлар: мине, мен зыяпатымды таярлап қойдым, өгизлерим де, семиртилген малларым да сойылды, ҳәммеси де тайын. Тойға келсин!» – деп айтып қалыпты. 5Бирақ, мирәт етилгенлер оның сөзине кеўил аўдармапты: кимиси егислик жерине, кимиси саўда-сатығына кетипти. 6Ал гейбиреўлери патшаның хызметшилерин услап алып, хорлап өлтирипти. 7Буны еситкен патша қәҳәрленип, өзиниң әскерлерин жиберипти. Сол жынаятшыларды өлтиртип, олардың қалаларын өртетип жиберипти. 8Сонда ол өзиниң хызметшилерине: «Тойдың асы таяр, бирақ мирәт етилгенлер ылайықсыз болды. 9Сонлықтан енди сизлер жол дәрбентлерине барып, ушыратқанларыңыздың бәрин тойға шақырып келиңлер», – депти. 10Сонда хызметшилери жолларға шығып, ушыратқанларының бәрин де: жақсысы болсын, жаманы болсын, шақырып жыйнап келипти. Тойхана қонақларға толы болыпты. 11Патша қонақларды көриўге киргенде, той кийимин киймеген биреўге көзи түсип, 12оған: «Ҳәй, достым, сен бул жерге той кийимисиз қалай киргенсең?» – депти. Бирақ ол үндемепти. 13Сонда патша хызметшилерине буйырып, былай депти: «Мынаның аяқ-қолын байлап, сыртқа, қараңғылыққа таслаңлар! Ол сол жерде жылап, пушайман жейди».
14Өйткени мирәт етилгенлер көп, ал таңлап алынғанлар аз.
Салық төлеў туўралы
(Мрк 12:13-17; Лук 20:20-26)
15Сонда парисейлер сыртқа шығып кетип, Ийсаны қалай сөзинен тутыў туўралы ойласа баслады. 16Оған Ҳиродтың тәрепдарлары менен бирге өзлериниң шәкиртлерин жиберип, былай деп айтқызды:
– Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Өйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамайсаң. 17Солай етип, бизлерге айтшы, Сен мынаған қалай қарайсаң: Рим императорына салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па?
18Бирақ Ийса олардың ҳарам нийетин билип, оларға:
– Ҳәй, еки жүзлилер! Сизлер Мени неге сынап атырсызлар? 19Маған салық теңгесин көрсетиңлер, – деди.
Олар Оған бир динар әкелип берди. 20Ол:
– Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады.
21Олар:
– Рим императорының, – деп жуўап берди.
Сонда Ийса:
– Олай болса, императордың ҳақын императорға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди.
22Олар буны еситип, таң қалысты ҳәм Оның жанынан кетип қалды.
Қайта тирилиў туўралы сораў
(Мрк 12:18-27; Лук 20:27-40)
23Қайта тирилиў жоқ, деўши саддукейлер сол күни Ийсаға келип, былай деп сораў қойды:
24– Устаз! Муўса: «Биреў баласы болмай өлсе, изинде қалған жесирине иниси үйленип, ағасының урпағын даўам еттирсин»,#22:24 Нзм 25:5-6. – деген-ғо. 25Бизде ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, қайтыс болды, баласы болмағанлықтан, ҳаялы инисине қалды. 26Екиншисине де, үшиншисине де, ҳәтте, жетиншисине де солай болды. 27Бәринен кейин ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 28Ал енди қайта тирилгенде ҳаял жетеўиниң қайсысының ҳаялы болады? Ол олардың ҳәммесине де ҳаял болған еди-ғо.
29Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди:
– Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. 30Өйткени адамлар қайта тирилиўде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. 31Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Қудайдың сизлерге айтқанларын оқымағансызлар ма? 32Қудай: «Мен Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман»#22:32 Шығ 3:6., – деген. Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы.
33Буны еситкен халық Оның тәлиматына таң қалды.
Ең баслы буйрық
(Мрк 12:28-34; Лук 10:25-28)
34Ийсаның саддукейлерди сөйлетпей таслағанын еситкен парисейлер бир жерге жыйналды. 35Олардың арасынан бир нызам муғаллими Ийсаны сынамақшы болып, 36Оннан:
– Устаз! Мухаддес Нызамдағы ең баслы буйрық қайсы? – деп сорады.
37Ийса оған:
– «Қудайың Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәниң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй»#22:37 Нзм 6:5.. 38Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. 39Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй»#22:39 Леб 19:18.. 40Пүткил Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да усы еки буйрыққа тийкарланған, – деди.
Масийх кимниң Урпағы?
(Мрк 12:35-37; Лук 20:41-44)
41Парисейлер жыйналып болғаннан соң, Ийса олардан:
42– Масийх ҳаққында не ойлайсызлар? Ол кимниң урпағы? – деп сорады.
– Ол Даўыттың Урпағы, – деди олар.
43Ийса олардан:
– Олай болса, Даўыт Мухаддес Руўхтан илҳамланып, Масийхты қалайынша «Ийем» деп атаған? Ол былай деген-ғо:
44«Жаратқан Ийе Ийеме айтты:
„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр“»#22:44 Заб 109:1..
45Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады.
46Оған ҳеш ким де жуўап бере алмады ҳәм сол күннен баслап, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.

Currently Selected:

Матта 22: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in