YouVersion Logo
Search Icon

Матта 21

21
Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи
(Мрк 11:1-11; Лук 19:28-40; Юхн 12:12-19)
1Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге деген аўылға келгенде, Ийса еки шәкиртин жумсап, 2оларға былай деди:
– Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, байлаўлы турған ешек пенен гүррени табасызлар. Оларды шешип алып, Маған әкелиңлер. 3Егер биреў сизлерге бир нәрсе десе, сизлер: «Олар Ийемизге керек», – деп айтыңлар, ол оларды сол ўақытта-ақ жибереди.
4Бул пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды:
5«Қыз Сионға#21:5 Қыз Сион – Ерусалим. айтыңлар:
Мине, сениң Патшаң ешекке, жас ешекке,
Гүрреге минип кишипейиллик пенен саған киятыр!»#21:5 Зхр 9:9.
6Шәкиртлери барып, Ийсаның буйырғанын иследи. 7Олар ешекти гүрреси менен алып келип, шапанларын үстине жапты, Ийса гүрреге минип алды. 8Халықтың көпшилиги өз шапанларын жолға төсеп, басқалары тереклерден шақа кесип алып жолға жайды. 9Алды-артында ерип киятырған халық қуўанысып:
– Даўыттың Урпағына ҳосанна!#21:9 Ҳосанна! – «Қутқара гөр!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.
Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!
Ең жоқарыда ҳосанна!#21:9 Заб 117:25-26. – деп бақырысты.
10Ийса Ерусалимге кирип келгенде, пүткил қала жанланып:
– Бул ким? – деп сорады.
11Халық:
– Бул – Ийса, Галиладағы Насырадан шыққан пайғамбар, – деди.
Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы
(Мрк 11:15-19; Лук 19:45-48; Юхн 2:13-22)
12Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшылардың ҳәммесин қуўып шығарды да, ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслап, 13оларға:
– «Мениң Үйим дуўа ететуғын үй деп аталады»#21:13 Ийш 56:7., – деп Мухаддес Жазыўда жазылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар!#21:13 Ерм 7:11. – деди.
14Ибадатханада Ийсаның қасына соқырлар ҳәм ақсақлар келгенде, Ол оларға шыпа берди. 15Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ол ислеген кәраматларды ҳәм Ибадатханада: «Даўыттың Урпағына ҳосанна!» – деп бақырысқан балаларды көрип, ашыўланып қалды да, 16Оған:
– Олардың не деп атырғанын еситип турсаң ба? – деди.
Ийса оларға:
– Аўа! Сизлер: «Нәрестелер ҳәм емизиўли балалардың аўзынан, Өзиңе мақтаўлар айтқыздың»#21:16 Заб 8:3., – деп Мухаддес Жазыўда айтылғанды ҳеш оқымағансызлар ма? – деди.
17Соннан соң, Ийса оларды қалдырып, қаладан шығып кетти ҳәм Бетанияға барып, сол жерде түнеди.
Қуўрап қалған әнжир ағашы
(Мрк 11:12-14, 20-24)
18Ерте азанда Ийса қалаға қайтып киятырғанда, аш болды. 19Жол бойында бир әнжир ағашын көрип, оның қасына барды. Бирақ оннан жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппағаннан соң, ағашқа:
– Буннан былай, сенде мәңгиге ҳеш жемис өспесин, – деди.
Әнжир ағашы сол ўақытта-ақ қуўрап қалды. 20Шәкиртлери буны көргенде таң қалысып:
– Бул әнжир ағашы қалайынша дәрриў қуўрап қалды? – деп сорады.
21Ийса оларға жуўап берип:
– Сизлерге шынын айтып турман: егер гүмансыз исенсеңлер, тек әнжир ағашына ислегенимдей ғана емес, ҳәтте мына таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула!» – десеңиз, айтқаныңыз болады. 22Егер исеним менен дуўа етсеңлер, не сорасаңлар да, ҳәммесин аласызлар, – деди.
Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў
(Мрк 11:27-33; Лук 20:1-8)
23Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим берип отырғанда, Оған бас руўханийлер менен халық ақсақаллары келип:
– Бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
24Ийса жуўап қайтарып:
– Мен де сизлерге бир сораў берейин. Егер оның жуўабын берсеңлер, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. 25Яқыя адамларды шомылдырыў ушын қаяқтан бийлик алды? Аспаннан ба ямаса адамлардан ба? – деди.
Олар өз ара ойласып: «Егер „аспаннан“ десек, Ол бизлерге: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, – дейди. 26Ал егер „адамлардан“ десек халықтан қорқамыз: ҳәммеси де Яқыяны пайғамбар деп есаплайды!» – дести.
27Сонлықтан олар Ийсаға:
– Билмеймиз, – деп жуўап берди.
Ол:
– Ондай болса, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
Еки ул туўралы тымсал
28– Сизлер қалай ойлайсызлар: бир адамның еки улы болыпты. Ол бириншисине барып: «Балам, сен бүгин жүзим бағына барып, жумыс исле», – депти. 29Ол: «Бармайман», – деп жуўап берипти. Бирақ соңынан өкинип, барыпты. 30Соң әкеси екинши улына барып, оған да солай депти. Ол: «Яқшы, аға, бараман», – деп жуўап берипти, бирақ бармапты.
31Усы екеўиниң қайсысы әкесиниң тилегин орынлаған болады? – деп сорады Ийса.
– Бириншиси, – деп жуўап қайтарды олар.
Ийса оларға былай деди:
– Сизлерге шынын айтып турман: салықшылар ҳәм бузық ҳаяллар Қудайдың Патшалығына сизлерден бурын киреди. 32Өйткени Яқыя сизлерге ҳақ жолды көрсетиў ушын келген еди, бирақ сизлер оған исенбедиңлер. Ал салықшылар менен бузық ҳаяллар оған исенди, бирақ сизлер буны көргеннен кейин де тәўбе етпедиңлер ҳәм исенбедиңлер.
Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал
(Мрк 12:1-12; Лук 20:9-19)
33– Енди басқа бир тымсалды тыңлаңлар: бир үй ийеси болыпты. Ол жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты, шарап искенжесин қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты. 34Зүрәәт жыйнайтуғын мәўсим жақынлағанда, ол өзине тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға хызметшилерин жиберипти. 35Дийханлар оның хызметшилерин услап алып, олардың биреўин сабап, екиншисин өлтирип, ал және биреўин тас боран қылыпты. 36Соңынан бағдың ийеси бурынғыдан да көп басқа хызметшилерин жибергенде, оларға да солай ислепти. 37Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти. 38Бирақ дийханлар оның улын көрип, бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирип, мийрас мүлкине ийе болайық», – десипти. 39Олар оны услап алып, жүзим бағынан сыртқа шығарып өлтирипти.
40Енди жүзим бағының ийеси келгенде, сол дийханларға не қылады?
41Олар Ийсаға:
– Ол бул жаўызларды реҳимсизлик пенен өлтиреди де, жүзим бағын ўақтында жемисин берип туратуғын басқа дийханларға ижараға береди, – деди.
42Ийса оларға былай деди:
– Сизлер Мухаддес Жазыўларда мына сөзлерди оқымағансызлар ма?
«Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
Жаратқан Ийе қылған бул ис,
Көзимизге әжайып көринди!»#21:42 Заб 117:22-23.
43Сонлықтан Мениң сизлерге айтатуғыным: Қудай Өз Патшалығын сизлерден тартып алады да, оны жемисин берип туратуғын халыққа береди. 44Сол тасқа түскен адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды.
45Бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаның айтқан тымсалларын еситкеннен соң, Оның өзлери ҳаққында айтқанын түсинип, 46Оны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорқты, себеби халық Оны пайғамбар деп санайтуғын еди.

Currently Selected:

Матта 21: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in