Бирақ, егер зәйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зәйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нәр алсаң, кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нәр берип турыпты.