Масийх қудайлық тәбиятқа ийе бола тура, Қудайға тең атақты алыўға умтылыўды Өзине минәсип көрмеди. Ал Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди. Ол Өзин пәс тутты ҳәм өлимге, ҳәтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды.