Тек жасап атырған өмириңиз Масийхтың Хош Хабарына ылайықлы болсын. Сол ўақытта келип сизлерди көрсем де, алыста болып ҳал-жағдайыңызды еситсем де, сизлердиң бир руўхта беккем турғаныңызды, Хош Хабарға деген исеним ушын бир жан, бир тән болып гүресип атырғаныңызды билейин.