Ол сизлерди жақсы бир жерге алып барады. Ол жердиң дәрьялары, булақлары ҳәм таўлар менен ойпатлықларда жер астынан шығатуғын суўлары, бийдайы, арпасы, жүзими, әнжири, анары, зәйтүн ағашлары ҳәм палы бар. Сол елде тойып нан жейсизлер, ҳеш қандай мүтәжлик көрмейсизлер. Ол сондай ел, тасларынан темир, таўларынан мыс аласызлар.