1
Нызамның қайталаныўы 7:9
Мухаддес Китап
КркМК22
Солай етип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе – ҳақыйқый Қудай екенин билип алыңлар. Ол садық Қудай, Өзин сүйип, буйрықларына әмел қылғанлардың мыңыншы әўладына дейин Өз келисиминде садық қалып, жақсылық қылады.
Compare
Explore Нызамның қайталаныўы 7:9
2
Нызамның қайталаныўы 7:6
Өйткени сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз. Жер жүзиндеги барлық халықлардың арасынан Ол сизлерди Өз ғәзийнеси сыпатында таңлап алды.
Explore Нызамның қайталаныўы 7:6
3
Нызамның қайталаныўы 7:8
Ал Жаратқан Ийе сизлерди сүйгени ушын ҳәм ата-бабаларыңызға ишкен антын орынлаў ушын сизлерди күшли қолы менен Мысырдағы қуллықтан, Мысыр патшасы фараонның қол астынан азат етти.
Explore Нызамның қайталаныўы 7:8
4
Нызамның қайталаныўы 7:7
Жаратқан Ийе сизлерди басқа халықлардан көп болғаныңыз ушын сүйип, таңламады. Сизлер басқа барлық халықлардан аз едиңиз.
Explore Нызамның қайталаныўы 7:7
5
Нызамның қайталаныўы 7:14
Басқа халықлардан гөре, сизлер көп берекетли боласыз. Сизлердиң араңызда нәсилсиз еркек те, бала көтермейтуғын ҳаял да, қысыр мал да болмайды.
Explore Нызамның қайталаныўы 7:14
Home
Bible
Plans
Videos