Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бәрқулла ҳәммеңиз ушын Қудайға шүкирлик билдиремиз. Қудай Әкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳәрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳәм Ийемиз Ийса Масийхқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз.