YouVersion Logo
Search Icon

Сефания 2

2
Сефанияның халықты тәўбеге шақырыўы
1Ҳәй, арсыз халық!
Өртелиў ушын жыйналған сабан сыяқлы топланыңлар!
2Қудайдың пәрманы орынланса,
Тәўбе қылыў мүмкиншилигиңиз самал ушырған қаўықтай жоқ болады.
Сонлықтан Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзебине ушырамасыңыздан алдын,
Жаратқан Ийениң ғәзеп күни келмесинен алдын, есиңизди жыйнап алың!
3Ҳәй, Жаратқан Ийениң нызамларына әмел қылатуғынлар,
Елдеги барлық кишипейиллилер, Жаратқан Ийеге келиң.
Ҳақ ҳәм кишипейил болыўға умтылың.
Сонда Жаратқан Ийениң ғәзеп күнинде аман сақланыўыңыз мүмкин.
Яҳуданың дөгерегиндеги халықлардың ҳүким етилиўи
Филистлердиң ҳүким етилиўи
4Газа қаласы қаңырап, босап қалады,
Ашкелон қаласы қарабақанаға айланады,
Ашдод турғынлары түске дейин қуўып шығарылады,
Экрон қаласы түп-тамыры менен жоқ қылынады.
5Криттен келип, теңиз бойында жасап атырғанлар, ҳәсирет шегесиз!
Ҳәй, филистлердиң жери Қанан,
Жаратқан Ийениң саған қарсы ҳүкими мынадай:
«Мен сени бирде бир турғының қалмағанша, қырып таслайман».
6Теңиз бойындағы елиңиз,
Қой-ешкилердиң жайлаўларына,
Сүриўлердиң қораларына айланады.
7Яҳуда халқының аман қалғанлары сол елге ийелик қылады,
Ол жерде сүриўлерин отлатады,
Ашкелондағы үйлерде түнейди.
Өйткени Қудайы Жаратқан Ийе оларға ғамхорлық қылады,
Бурынғы абаданшылығына еристиреди.
Моаб ҳәм аммонлардың ҳүким етилиўи
8«Мен моаблылардың кемситкен мысқыллы сөзлерин,
Аммон халқының мазақ сөзлерин еситтим.
Олар Мениң халқымды аяқ асты қылып,
Халқымның жерине көз алайттырғанын еситтим.
9Сонлықтан, тирилигим ҳақы ант ишемен,
– дейди Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси, –
Моаб ели Содом, аммон халқының ели Гомора сыяқлы болып қалады.#2:9 Жар 18:16–19:28.
Сонда оларды жабайы шөплер қаплап,
Дузлы шуқырларға толып кетеди,
Мәңги қаңыраған елсиз далаға айланады.
Халқымның аман қалғанлары оларды тонайды,
Яҳудада аман қалғанлары олардың жерлерин мүлик етип алады».
10Олардың менменликлери ушын,
Әлемниң Жаратқан Ийесиниң халқын аяқ асты қылып,
Олардың жерине көз алайттырғаны ушын,
Усы апатлар олардың басына түседи.
11Жаратқан Ийе оларға қарсы айбат қылады,
Жер жүзиндеги барлық қудайларды қуртады.
Теңиз жағаларындағы барлық миллетлер,
Өз еллеринде Жаратқан Ийеге сыйынады.
Хабашстанның ҳүким етилиўи
12«Ҳәй, хабашстанлылар,
Сизлер де Мениң қылышымнан өлесиз», – дейди Жаратқан Ийе.
Ассирияның ҳүким етилиўи
13Жаратқан Ийе арқа тәрепке қарсы қол көтерип,
Ассирияны жоқ қылады.
Ниневия қаласын ўайран қылады,
Оны суўсыз шөлге айландырады.
14Оның ортасы сүриўлердиң,
Ҳәр түрли жабайы ҳайўанлардың жататуғын орны болады.
Сүтинлердиң жоқарысында узақша ҳәм байыўлылар уйықлайды,
Айналардан олардың даўысы шығады.
Қулатылған таслары босағаларында үйилип қалады,
Тек ғана кедр ағашлары қалады.
15Мине, тынышлық ишинде жасаған мақтаншақ қала,
«Маған теңлесе алатуғыны жоқ», – деп өзинше айтқан еди.
Ал енди болса, ол ўайран болды,
Жабайы ҳайўанлардың мәканына айланды.
Жанынан өткен-кеткенлер,
Көргенлерине қолларын шошайтып, табалап кетеди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in