Римлилер 10:11-13
Римлилер 10:11-13 КРКМК22
Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды». Себеби яҳудий менен гректиң арасында айырмашылық жоқ. Олардың ҳәммесиниң Ийеси бир. Ол Өзин шақырғанлардың ҳәммесине сақый. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаратқан Ийениң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады».





