Филиплилер Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Павел Ийсаның Хош Хабарын тарқатқаны ушын қамақта болған ўақтында Филип қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған.
Филип қаласы Македония үлкесинде жайласқан еди. Павел өзиниң екинши сапарының ўақтында бул қалада болғанда, ол арқалы усы жерде исениўши жәмәәт пайда болған еди (Елш 16:12). Бул қаладағы исениўши жәмәәт кишкене болса да, бастан аяғына дейин Павелдиң хызметине шерик болып, көп жәрдем еткен еди ҳәм бул жәмәәт пүткил исениўши жәмәәтлерге үлги көрсеткен еди.
Павелдиң бул хатты жазғандағы баслы мақсети – берген жәрдемлери ушын филиплилерге рахмет айтыўдан ибарат еди. Және де, Павел өз хатында Хош Хабардың қандай түрде жәрияланып атырғаны ҳаққында сөз етеди ҳәм филиплилерге нәсият етип, қуўдалаўларға турақлылық пенен шыдаў ҳәм қандай жағдай болыўына қарамастан, қуўаныў кереклигин айтады. Оларды кишипейил болыўға ҳәм бирликке шақырады.
Павел сол ўақытта қамақта болса да, қуўаныш ҳаққында жазады. Бул хатта қуўаныш сөзи 16 мәртебе ушырасады. Бундай қуўаныш Қудай беретуғын тынышлыққа тийкарланған.
Currently Selected:
Филиплилер Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022