Санлар Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Санлар китабы Таўраттың төртинши китабы. Бул китапта Израил халқының Мысырдағы қуллықтан азат болып шыққаннан кейинги тарийхы баян етиледи. Китапта Израил халқы дизимге алынып, саналады. Соның ушын, китап «Санлар» деп аталған. Және де, китапта Израилдың Синай таўынан Қанан жерине қарай қырық жыллық жолы даўамында шөлде жүз берген ўақыялар сөз етиледи.
Китапты үш бөлимге бөлиў мүмкин. Биринши бөлимде (1:1–10:10) Қудай Муўсаға: «Саўашқа жарамлы болған барлық еркеклерди санап шық!» деп буйрық береди. Соннан кейин, Израил халқының ордада орналасыў тәртиби ҳәм Лебий урыўының Ушырасыў шатырының, яғный Мухаддес шатырдың әтирапында қалай орналасыў кереклиги ҳаққында Муўсаға толығы менен көрсетпелер бериледи. Усылай етип, Қудай Израил халқын саўашқа таяр тәртипке келтиреди.
Екинши бөлимде (10:11–21:20) Израил халқының шөлде шеккен машақатлары ҳаққында сөз етиледи. Израил халқы шөлдеги өмирден көп налыйды, ҳәттеки, Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы бас көтереди. Олар Қанан жеринде жасап атырған қүдиретли халықлар ҳаққында еситкеннен соң, Қудайға бойсынбай, Қанан жерине ҳүжим қылыўдан бас тартады. Соның ушын, Қудай Израил халқын жазалайды. Нәтийжеде, олар қырық жыл шөлде гезип жүреди, сол ўақыт даўамында урысқа жарамлы деп дизимге киргизилген адамлардың ҳәммеси өлип кетеди.
Санлар китабының үшинши бөлими (21:21–36:13) Израил халқының Иордан дәрьясының шығысындағы жерлерди ийелеўи туўрысындағы ўақыялар менен басланады. Моаб патшасы Израил халқын нәлетлеў ушын жат халықтан болған Билам пайғамбарды жаллайды. Бирақ Билам Израил халқына қайта-қайта жарылқаў айтады. Усы арқалы Қудай Өз халқына болған садықлығын, олардың бойсынбаўшылығына қарамай, жақсы нийетин әмелге асырмақшы екенлигин көрсетеди.
Кейин Израил халқы Иордан дәрьясынан өтиўге ҳәм батыстағы Қанан жерин басып алыўға таярланады. Израил халқының базы урыўлары Иордан дәрьясының шығысына орналасыўды шешеди. Израил халқының саўашқа жарамлы жаңа әўлады дизимге алынады. Кейин Қудай Ешуаны Муўсаның орнына Израилдың гезектеги жолбасшысы етип тайынлайды.
Currently Selected:
Санлар Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: