Нахум Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Нахум китабы Ассирия пайтахты Ниневияның қулаўы ҳаққында жазылған қосық түриндеги пайғамбаршылық. Ассирия қүдиретли патшалық болып, өзи басып алған халықларға жүдә залым ҳәм жаўыз еди. Юнус пайғамбардың дәўиринде Ниневия турғынлары гүналарынан тәўбе қылған еди. Бирақ Нахум пайғамбардың дәўиринде болса олар және жаўызлыққа, бутпаразлық ҳәм жаманлыққа аса берилип кетеди. Ассирия б. э. ш. 722-жылы Израилды басып алып, турғынларын Ассирияға сүргин қылады. Олар Яҳудаға, яғный қубла патшалыққа да көп қәўип туўдырады. Соның ушын, Нахум пайғамбар Ниневияның аянышлы ақыбети ҳаққында пайғамбаршылық қылады.
Нахум пайғамбар Ниневия қуламастан алдын ўаз айтады. Бабилониялылар б. э. ш. 612-жылы Ниневияны жеңилиске ушыратады. Китаптан орын алған Тебес қаласының қулаўы туўрысындағы ўақыялар б. э. ш. 663-жылы, Нахум пайғамбар хызмет етиўден алдын жүз береди (3:8-10).
Бул китапта пайғамбар Нахум Қудайды – пүткил әлемниң ҳәм барлық халықлардың Ҳүкимдары, ҳәммениң тәғдирин бақлап турыўшы ҳақыйқый Қудай деп жәриялайды.
Currently Selected:
Нахум Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022