YouVersion Logo
Search Icon

Миха Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Миха пайғамбар Яҳуда елиндеги кишкене бир аўылда туўылған. Ол Ийшая пайғамбардың заманласы болып, б. э. ш. 722-жылы арқа патшалықтың Ассирияға сүргин етилиўинен алдын хызмет еткен.
Миха пайғамбар Израилдың пайтахты Самария ҳәм Яҳуданың пайтахты Ерусалим ҳаққында пайғамбаршылық қылады. Еки пайтахттың ҳәмелдарлары ҳәм байлары пүткил халықты жолдан урып, бутларға табыныўды үйретеди. Буннан тысқары, инсапсызлық қылып, кәмбағалларды тонайды. Усындай себеплерге байланыслы Қудай Израил ҳәм Яҳуда халықларын жазаламақшы болады. Миха пайғамбар Израил ҳәм Яҳуда халықларының басына түсетуғын мүсийбетлер ҳәм тутқынлық азаплары ҳаққында пайғамбаршылық қылады.
Деген менен, келешекте Израил ҳәм Яҳуда халықлары ҳақыйқый Қудайға және сыйынады. Сонда Қудай оларды өз елине қайтарып алып келеди, жеңиске жетелейтуғын ҳақ ҳүкимдарды оларға береди. Сол ўақыт келгенде, ҳәмме жерде тынышлық орнайды. Қудай Өзи таңлаған ҳүкимдар менен бирге халыққа шопанлық қылады. Израилды басқаратуғын бул ҳүкимдар Бейтлеҳем қаласында туўылатуғыны ҳаққындағы пайғамбаршылықлар да усы китаптан орын алған.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in