Матта 8
8
Ийсаның тери кеселлигине шалынған адамға шыпа бериўи
(Мрк 1:40-45; Лук 5:12-16)
1Ийса таўдан түскенде, изине көп халық ерди. 2Сонда Оның қасына тери кеселлигине шалынған бир адам келип, аяғына жығылды да:
– Ийем, егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деди.
3Ийса қолын созып, оған тийгизди де:
– Қәлеймен, тазалан! – деди.
Тери кеселлигине шалынған адам сол ўақытта-ақ тазаланып шыпа тапты. 4Ийса оған:
– Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер,#8:4 Леб 14:1-32. – деди.
Римли жүзбасының исеними
(Лук 7:1-10)
5Ийса Капарнаҳумға кирген ўақытта Оның қасына бир римли жүзбасы келип:
6– Ийем, мениң хызметшим ләң болып, қатты қыйналып үйде жатыр, – деп Оннан жәрдем сорады.
7Ийса оған:
– Мен барып, оған шыпа беремен, – деди.
8Ал жүзбасы:
– Ийем, Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Тек бир сөз ғана айтсаң, хызметшим жазылып кетеди. 9Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди, қулыма «мынаны исле» десем, ислейди, – деп жуўап қайтарды.
10Буларды еситкен Ийса таң қалып, изине ерип киятырғанларға:
– Сизлерге шынын айтып турман: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим. 11Сизлерге айтатуғыным: шығыстан ҳәм батыстан көп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен бирге Аспан Патшалығында дастурханлас болады. 12Ал Патшалықтың мийрасхорлары сыртқа, қараңғылыққа шығарып тасланады. Сол жерде олар жылап, пушайман жейди – деди.
13Соннан соң, Ийса жүзбасыға:
– Бара бер, сениң исенимиңе қарай болсын! – деди.
Жүзбасының хызметшиси сол ўақытта-ақ жазылып кетти.
Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи
(Мрк 1:29-34; Лук 4:38-41)
14Ийса Петрдиң үйине келип, оның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырғанын көрди. 15Ийса ҳаялдың қолына қолын тийгизгенде, ыссылығы түсти ҳәм ҳаял орнынан турып, Оған хызмет етти.
16Кеш болғанда, адамлар Ийсаға жин урған көп адамларды алып келди. Ийса олардағы жаўыз руўхларды Өзиниң сөзи менен қуўып шығарып, аўырғанлардың ҳәммесине шыпа берди. 17Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды:
«Ол кеселликлеримизди Өзине алды,
Аўырыўларымызды Өзине жүкледи»#8:17 Ийш 53:4..
Ийсаға шәкирт болыўдың шәртлери
(Лук 9:57-62)
18Ийса дөгерегине жыйналған көп халықты көргенде, шәкиртлерине көлдиң арғы жағасына өтиўди буйырды. 19Сонда бир диний муғаллим келип, Оған:
– Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
20Ийса оған:
– Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының#8:20 Адам Улы – Ийса Масийх Өзин көбинесе усылай атады, сөзликке қараң. бас қойып тынығатуғын орны да жоқ, – деди.
21Және бир шәкирти Оған:
– Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
22Бирақ Ийса оған:
– Маған ер. Өлилерди жерлеўди өлилердиң өзлерине қалдыр, – деди.
Ийсаның даўылды тоқтатыўы
(Мрк 4:35-41; Лук 8:22-25)
23Ийса қайыққа мингенде, шәкиртлери де Оның изинен минди. 24Көлде тосаттан күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты суўға толтыра баслады. Ал Ийса уйықлап жатыр еди. 25Сонда шәкиртлери Оған жақынлап келди де, Оны оятып:
– Ийем! Бизлерди қутқар, набыт болажақпыз! – деди.
26Ийса оларға:
– Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар? – деди де, турып самалға ҳәм көлге тыйым салғанда, аўыр тынышлық орнады.
27Адамлар таң қалысып:
– Самалды да, толқынларды да Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
Жин урған еки адамның шыпа табыўы
(Мрк 5:1-20; Лук 8:26-39)
28Ийса арғы жағадағы Гадара үлкесине келгенде, қәбирлердиң арасынан киятырған жин урған еки адамды ушыратты. Олар жүдә қәҳәрли болғанлықтан, бул жол менен өтиўге ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди. 29Олар қышқырысып:
– Қудайдың Улы Ийса, Сениң бизлер менен не жумысың бар? Бул жерге бизлерди ўақты келместен бурын азаплаўға келдиң бе? – деди.
30Олардан алысырақта бир үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. 31Жинлер Ийсаға:
– Егер бизлерди қуўып шығаратуғын болсаң, шошқалардың падасына жибер, – деп жалынды.
32Сонда Ийса оларға:
– Барыңлар, – деди.
Жинлер адамлардан шығып, шошқалардың ишине кирди. Сонда шошқалардың ҳәммеси жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, суўда набыт болды.
33Шошқа бағыўшылар қашып қалаға барып, бәрин хабарлады ҳәм жин урғанларға не болғанын да айтып берди. 34Сонда қаланың барлық турғынлары Ийсаның алдына шықты. Олар Оны көргенде, үлкеден шығып кетиўин өтинди.
Currently Selected:
Матта 8: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022