YouVersion Logo
Search Icon

Матта 19

19
Ажырасыў туўралы
(Мрк 10:1-12)
1Ийса усы сөзлерди айтып болғаннан соң Галиладан жолға шығып, Иорданның арғы жағасындағы Яҳудия үлкесине барды. 2Оның изине көп халық ерди, Ол сол жерде оларға шыпа берди.
3Ийсаның қасына парисейлер келип, Оны сынап көриў ушын:
– Ер адамның ҳәр қыйлы себеп пенен ҳаялынан ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады.
4Ийса оларға жуўап қайтарып былай деди:
– Жаратыўшы ең баста оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқанын#19:4 Жар 1:27. оқымағансызлар ма? 5Және Ол былай деген: «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады»#19:5 Жар 2:24.. 6Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады. Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын.
7Олар Ийсаға:
– Сонда неге Муўса пайғамбар ер адамға ажырасқанда ҳаялына талақ хат берип ажырасыўды буйырған?#19:7 Нзм 24:1. – деди.
8Ийса оларға:
– Сизлер тас баўыр болғанлықтан, Муўса сизлерге ҳаялларыңыз бенен ажырасыўға рухсат берген. Бирақ баста олай емес еди. 9Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким өз ҳаялы менен неке ҳадаллығын бузыўдан басқа себеп пенен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол неке ҳадаллығын бузған болады#Мат 19:9 Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Ажырасқан ҳаялды алған адам да неке ҳадаллығын бузған болады»., – деди.
10Сонда Ийсаның шәкиртлери Оған:
– Егер ер адамның ҳаялына деген ўазыйпасы усындай болса, онда үйленбеген жақсырақ екен, – деди.
11Ийса оларға:
– Буны ҳәмме де қабыл ете алмайды, бирақ кимге Қудайдан берилсе, сол ғана қабыл ете алады. 12Өйткени үйленбейтуғын ҳәр түрли адамлар бар: гейбиреўлери ақта болып туўылады, гейбиреўлерин адамлар ақта қылып таслайды, ал базылары Аспан Патшалығына хызмет етиў ушын өз ерки менен үйлениўден бас тартады. Ким бул сөзди қабыл ете алса, сол қабыл етсин, – деди.
Ийсаның балаларға пәтия бериўи
(Мрк 10:13-16; Лук 18:15-17)
13Сол ўақытта адамлар Ийсаға олардың үстине қолын қойып дуўа етсин деп, балаларын алып келди. Ал шәкиртлер оларға кейиди. 14Бирақ Ийса:
– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Себеби Аспан Патшалығы усындайлардики, – деди.
15Соңынан Ол балалардың үстине қолын қойып дуўа етти де, сол жерден кетип қалды.
Байлық ҳәм мәңгилик өмир
(Мрк 10:17-31; Лук 18:18-30)
16Сонда бир жигит Ийсадан:
– Устаз! Мәңгилик өмирге ийе болыўым ушын қандай ийгиликли ислер ислеўим керек? – деп сорады.
17Ийса оған:
– Сен неге Меннен ийгилик ҳаққында сорадың? Тек Қудай ғана ийгиликли. Ал мәңгилик өмирге ерискиң келсе, Оның буйрықларын орынла, – деди.
18Жигит Ийсадан:
– Қандай буйрықларды? – деп сорады.
Ийса:
– «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, 19ата-анаңды ҳүрметле#19:18-19 Шығ 20:12-16; Нзм 5:16-20. ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй!»#19:19 Леб 19:18., – деди.
20Жас жигит Оған:
– Мен булардың ҳәммесин орынлап киятырман, және не жетиспейди? – деди.
21Ийса оған:
– Егер минсиз болғың келсе, барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
22Бул сөзлерди еситкен жас жигит қапа болып, сол жерден кетип қалды. Өйткени оның байлығы көп еди.
23Ийса Өз шәкиртлерине:
– Сизлерге шынын айтып турман: бай адамның Аспан Патшалығына кириўи қыйын. 24Тағы сизлерге айтатуғыным: бай адамның Қудайдың Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди.
25Буны еситкен шәкиртлери қатты таң қалысып:
– Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.
26Ал Ийса оларға қарап:
– Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
27Сонда Петр жуўап қайтарып, Оған:
– Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик. Бизлер неге ерисемиз? – деди.
28Ийса оларға:
– Сизлерге шынын айтып турман: дүнья жаңаланғаннан соң, Адам Улы Өзиниң салтанатлы тахтына отырғанда, Мениң изиме ерип жүрген сизлер де он еки тахтқа отырып, Израил халқының он еки урыўына ҳүкимдарлық қыласызлар. 29Сонда Мениң атым ушын өз үйлерин, аға-инилерин, апа-қарындасларын, ата-анасын#Мат 19:29 Базы қолжазбаларда «ҳаялын» деген сөз де бар., балаларын, мал-мүлкин таслап шыққан ҳәр ким жүз есе артығы менен алады ҳәм мәңгилик өмирге ийе болады. 30Бирақ бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди.

Currently Selected:

Матта 19: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in