YouVersion Logo
Search Icon

Матта 11

11
1Ийса он еки шәкиртине усы тапсырмаларды берип болғаннан кейин, сол жерден кетип, жақын жайласқан қалаларда тәлим бериўге ҳәм Хош Хабарды жәриялаўға барды.
Ийса ҳәм шомылдырыўшы Яқыя
(Лук 7:18-35)
2Яқыя қамақта отырып, Масийхтың ислеген ислери ҳаққында еситкенде өз шәкиртлерин жиберип: 3«Келетуғын Сол сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп Оннан соратты.
4Ийса оларға жуўап берип:
– Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. 5Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, тери кеселлигине шалынғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер. 6Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы, – деди.
7Олар кеткеннен кейин, Ийса халыққа Яқыя туўралы айта баслады:
– Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма? 8Айтыңлар, нени көриўге бардыңлар? Ҳасыл кийим кийген бир адамды ма? Ҳасыл кийим кийгенлер патша сарайларында болады-ғо. 9Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. 10Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен алдыңнан Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң алдыңда баратуғын жолыңды таярлап қояды»#11:10 Мал 3:1.. 11Сизлерге шынын айтып турман: ҳаялдан туўылғанлардың арасында шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Аспан Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы. 12Шомылдырыўшы Яқыяның күнлеринен баслап ҳәзирге дейин Аспан Патшалығына зорлық жасалып, зорлық жасаўшылар Оны басып алып атыр. 13Яқыя келиўге дейин барлық пайғамбарлар ҳәм Мухаддес Нызам Аспан Патшалығы ҳаққында пайғамбаршылық етип келген. 14Егер буларды қабыл еткиңиз келсе, келиўге тийисли болған Илияс пайғамбар#11:14 Мал 4:5-6. – усы Яқыя. 15Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын!
16-17Ҳәзирги әўладты кимге уқсатайын? Олар базарда жолдасларына:
«Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ ойнамадыңлар!
Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ жыламадыңлар!» –
деп бақырып отырған балаларға уқсайды. 18Себеби Яқыя келип, ишип-жемеди. Сонда олар: «Оны жин урған», – дести. 19Адам Улы келип, ишип-жеди. Сонда олар: «Мине, тамақсаў ҳәм мәскүнем адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – деп айтысып атыр. Ал Қудайдың даналығы ислер арқалы ақланады.
Тәўбе етпеген қалалар
20Соннан соң, Ийса кәраматларын көбирек ислеген қалаларды тәўбе етпегенлиги ушын айыплай баслады:
21– Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан аза кийимин кийип, басына күл шашып, тәўбе еткен болар еди. 22Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. 23Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Өйткени сенде болған кәраматлы ислер Содомда исленгенинде, ол бул күнге дейин сақланар еди. 24Ал Мениң саған айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом қаласының аўҳалы сениң аўҳалыңнан жеңилирек болады.
Ийсаның адамларды рәҳәтлениўге шақырыўы
(Лук 10:21-22)
25Сол ўақытта Ийса сөзин даўам етип:
– О, Әке, аспан менен жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын Сени мақтайман! 26Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
27Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Әкеден басқа ҳеш ким Улын билмейди. Әкени де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
28Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен. 29Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: өйткени Мен мөмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады. 30Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, – деди.

Currently Selected:

Матта 11: КркМК22

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in