Малахия 2
2
1«Ҳәй руўханийлер, енди бул буйрық сизлерге арналады. 2Егер Маған қулақ салмасаңыз ҳәм атымды ҳүрмет етпесеңиз», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, «сизлерге нәлет жаўдырып, сизлердиң пәтияларыңызды нәлетке айландыраман. Әлле қашан нәлетледим, себеби сизлер Мени ҳүрметлеўди қәлемедиңлер.
3Мен сизлердиң әўладларыңызды жазалайман. Байрамларыңызда қурбанлық қылған малларыңыздың тасландыларын жүзлериңизге ылақтыраман. Сизлерди усылар менен бирге таслап жиберемен. 4Лебийлилер менен дүзген келисимимниң#2:4 Шығ 28:1; 29:1-9. даўам етиўи ушын, усы буйрықты Мениң бергенимди билип аласызлар», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. 5«Лебийлилер менен дүзген келисимим өмир ҳәм тынышлық беретуғын келисим еди. Маған ҳүрмет көрсетсин деп, Мен оларға усыларды берген едим. Олар Меннен қорқып, атымды ҳүрмет ететуғын еди. 6Олардың аўзында дурыс көрсетпе бар еди ҳәм тиллеринде ҳеш қандай әдалатсызлық жоқ еди. Олар Мениң менен бирге болып, тынышлық ҳәм туўры жолда жүретуғын еди ҳәм көп адамларды гүна жолынан қайтаратуғын еди.
7Руўханийдиң тилиндеги сөзлер билимди сақлайды ҳәм адамлар оның аўзынан дурыс көрсетпе излейди. Өйткени ол Әлемниң Жаратқан Ийесиниң хабаршысы. 8Деген менен, сизлер жолдан азғырылып кеттиңиз ҳәм өз үгит-нәсиятларыңыз бенен көп адамларды гүнаға жетеледиңиз. Мениң лебийлилер менен дүзген келисимимди буздыңыз», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. 9«Сизлер Мениң жолларымды излемедиңлер, Нызамға байланыслы мәселелерде адамына қарай ис туттыңлар. Сол себептен Мен де барлық халықтың алдында сизлердиң абырайыңызды түсирип, жерге урдым».
Яҳуда халқының Қудайға қыянет етиўи
10Бизлердиң ҳәммемиздиң Әкемиз бир емес пе? Бизлерди Қудай жаратқан жоқ па? Ондай болса, не ушын ҳәр биримиз өз туўысқанымызға қыянет етип, Қудайдың ата-бабаларымыз бенен дүзген келисимин бузып атырмыз?
11Яҳуда халқы опасызлық қылды. Олар Израилда ҳәм Ерусалимде жеркенишли ислер иследи: Яҳуда басқа қудайларға табынатуғын қызларға үйленип, Жаратқан Ийениң сүйген мухаддес Ибадатханасын ҳарамлады. 12Буны ислеген адам ким болыўына қарамастан, ол Әлемниң Жаратқан Ийесине қурбанлықлар алып келсе, Жаратқан Ийе оны Яқыптың шатырларынан жоқ қылсын!
13Сизлер ислеп атырған және бир ис бар: Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын көз жаслар менен толтырып жибергенсиз, дад салып, ҳәсирет шегип атырсыз. Себеби Жаратқан Ийе сизлердиң алып келген қурбанлықларыңызды қабыл етпей атыр, Ол булардан ыразы емес. 14«Не ушын?» – деп сорайсызлар. Себеби сизлер жас ўақтыңызда үйленген ҳаялыңызға қыянет еттиңлер. Ол сизлердиң өмирлик жолдасыңыз, некели ҳаялыңыз еди. Жаратқан Ийениң Өзи екеўиңиздиң араңызда гүўа болған еди.
15Қудай сизлерди бир дене ҳәм бир руўх қылып жаратпады ма? Не ушын бир қылды? Өйткени Ол Өзине айрықша болған бир урпақ излеген еди. Сонлықтан өзлериңизге ықтыят болың, ҳеш бириңиз жаслықта үйленген ҳаялыңызға қыянет етпең.
16«Мен некениң бузылыўын жек көремен», – дейди Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе. «Ҳаялына усындай жаўызлық ислеген адамнан жеркенемен», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. Сонлықтан абайлы болыңлар ҳәм қыянет етпеңлер.
Ҳүким күни жақын қалды
17Сизлер сөзлериңиз бенен Жаратқан Ийени шаршатып жибердиңлер.
Сизлер: «Бизлер Оны қалай шаршаттық?» – деп сорайсыз. Ал сизлер Оны: «Жаманлық қылған ҳәр бир адам Жаратқан Ийениң алдында жақсыдур, Оның кеўли олардан толыдур», – деп шаршаттыңыз. Және де: «Қәне, әдилликти сақлайтуғын Қудай қайда өзи?» – деп сорайсыз.
Currently Selected:
Малахия 2: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: