YouVersion Logo
Search Icon

Хабаққуқ Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Хабаққуқ пайғамбар Яҳуда елиниң қулаўына жақын ўақытта хызмет еткен. Бабилониялылар б. э. ш. 605-жылы Яҳуда елине биринши ҳүжиминен соң, б. э. ш. 586-жылы оны толығы менен ийелеп алады.
Китаптың биринши ҳәм екинши бапларында Хабаққуқ пайғамбар менен Қудай арасындағы сәўбет сөз етиледи. Хабаққуқ пайғамбар әдалатсызлық ҳәм жынаятларға толып тасқан Яҳуда ели ҳаққында Қудайға арыз қылады. Сонда Қудай Хабаққуққа Өз жобасын аян қылып, Яҳуда халқын бабилониялылар арқалы жазалайтуғынын айтады. Бирақ Хабаққуқ буған наразылығын билдиреди. Қудайдың жаза қуралы сыпатында Яҳуда халқынан гөре гүналары аўыр болған бабилониялыларды қолланыўын Хабаққуқ ҳеш түсинбейди. Бул оған әдалатсызлықтай болып түйиледи. Бирақ Қудай Хабаққуққа жуўап берип, ўақты келгенде бабилониялыларды да жазалайтуғынын айтады.
Қудайдан жуўап алған пайғамбар Хабаққуқ Қудайға болған исенимин жәриялап, китапты гөззал қосық пенен тамамлайды. Ол Қудайға шүкирлик билдирип, Оның теңсиз қүдирети ҳәм уллылығына алғыс-мақтаўлар айтады.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in