YouVersion Logo
Search Icon

Эфеслилер Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Павел Ийсаның Хош Хабары себепли қамақта болған ўақтында Эфес қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған.
Эфес қаласы Азия үлкесиниң (ҳәзирги Туркияның қубла-батыс бөлеги) пайтахты болған. Өзинде жайласқан ҳаял қудай Артемиданың ибадатханасы себепли, Эфес қаласы пүткил дүньяға белгили еди.
Павел бул қалада үш жыл жасап, Қудайға хызмет етти. Оның хызмети арқалы көп адамлар сыйқыршылық гүнасынан қутқарылып, сол жерде исениўши жәмәәт пайда болды. Усы жәмәәт арқалы Қудайдың Хош Хабары пүткил Азия үлкесине тарқатылды.
Павел бул хатта исениўшилерге Масийхта бар болған ақылға сыймас иләҳий байлық ҳаққында жазады, масийхыйларды күнделикли өмиринде сол руўхый байлықтан пайдаланыўға шақырады. Бунда Қудай жалғыз мақсетти гөзлейди: Ол жердегилердиң ҳәм аспандағылардың ҳәммесин Масийхтың басшылығында бирлестириўден ибарат екенин айтады (1:10).
Павел бул хаты арқалы Қудайдың адамларды қутқарыў жобасын ҳәм Оның сырын ашып көрсетеди. Қудай барлық адамларды Масийх арқалы Өзи менен жарастырғаны ҳәм усы адамларды Масийхтың денеси, яғный исениўшилер жәмәәти қылып бирлестиргени ҳаққында жазады. Жәмәәттиң бирлиги арқалы Қудай пүткил барлыққа Өз даналығын ҳәм уллылығын көрсетеди. Хатта исениўшилер бул дүньяда нурға тийисли адамлар сыпатында жасаў кереклиги ҳаққында, ерли-зайыплылар, ата-аналар, балалар, хожайынлар ҳәм қуллар арасындағы қарым-қатнас ҳаққында сөз болады. Және де, руўхый урыста исениўши қалай жеңиске ерисетуғыны ҳаққында да айтылады.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in