Нызамның қайталаныўы Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Нызамның қайталаныўы китабы Таўраттың бесинши китабы. Бул китап Муўсаның Моаб тегислигиндеги Израил халқына айтқан сөзлеринен ибарат. Муўса бул сөзлерди Израил халқының шөлдеги қырық жыллық сапарынан кейин айтады. Сол ўақытта Израил халқы Қудай ўәде қылған Қанан жерине кириўге шамаласып турған еди.
Китаптың ишиндеги ең әҳмийетли темалар мыналар:
Муўса Израил халқына қырық жыл даўамында болып өткен әҳмийетли ўақыяларды еслетип өтеди ҳәм Қудайға садық болып, Оған бойсыныўға шақырады. Соның менен бирге, Муўса оларға Қудайы Жаратқан Ийениң шөлде өзлерине ғамхорлық қылғанын умытпаўды ескертеди.
Муўса он буйрықты қайталап, халықтың бутларға табыныўы қадаған екенлигин ҳәм жалғыз Қудайға сыйыныўы кереклигин тастыйықлайды. Кейин Израил халқының өмирине тийисли ҳәр түрли нызамларға тоқтап өтеди.
Муўса халыққа Қудай менен дүзилген келисимниң мәнисин еслетип өтеди. Халықты келисим шәртлерине садық болыўға шақырады. Қудайға бойсыныў берекет алып келетуғынын, бойсынбаўшылық болса нәлетке дуўшар қылатуғынын айтады.
Муўса халықтың нәўбеттеги жолбасшысы етип Ешуаны тайынлайды. Кейин Қудайдың садықлығына бағышланған бир қосықты айтады ҳәм Израил урыўларына бирме-бир пәтия береди. Муўса Иордан дәрьясының шығыс тәрепиндеги Моаб елинде бул дүньядан көз жумады.
Currently Selected:
Нызамның қайталаныўы Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: