YouVersion Logo
Search Icon

Даниел Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул китаптың бас қаҳарманы Даниел пайғамбар. Ол еврейлердиң ақсүйеклер шаңарақларының биринде туўылып өседи ҳәм б. э. ш. 605-жылы басқа тутқынлар қатары патша Набуходоносор тәрепинен Бабилонияға сүргин қылынады. Даниел Бабилония патшасының сарайында хызмет қыла баслайды. Б. э. ш. 539-жылы Мидия ҳәм Персия ләшкерлери Бабилон тахтын ийелегеннен кейин де, Даниел сарайдағы хызметин даўам етеди.
Китаптың биринши бөлиминде (1–6 баплар) автор бизлерге жас Даниелди ҳәм оның үш достын таныстырады. Олардың шаққанлығы, уқыбы ҳәм әдеплилиги ҳаққында сөз етилип, Бабилон сарайында жүз берген ўақыялар ҳаққында бизлерди хабардар қылады. Сондай-ақ, дүнья халықларының тәғдири ҳәм Қудайдың мәңги ҳүкимдарлығы ҳаққында сөз етиледи.
Китаптың екинши бөлими (7–12 баплар) Даниелге келген аянлардан ҳәм периште оған айтқан аян мәнислериниң түсиндирилиўинен ибарат. Бул аянларда дүнья жүзиндеги халықлардың тәғдири, яҳудий халқының келешеги ҳәм Қудайдың мәңги ҳүкимдарлығы ҳаққында сөз етиледи. Келешекте тарийх сахнасына шығатуғын уллы империялардың ҳүкимдарлығы ҳәм яҳудийлердиң оларға ғәрезли болыўы сөз етиледи.
Жуўмақлап айтқанда, китаптың тийкарғы мәниси мынадан ибарат: адамзат тәғдирин Қудай басқарады. Қудай патшалықларды қүдиретли қылады, ўақты келгенде болса оларды жеңилиске ушыратады. Тарийх сахнасына шыққан уллы Бабилония ҳәм Персия империялары, жеңилмес Александр Македонский ҳүкимети ҳәм Рим ҳүкимдарлығы келди де, кетти, ал Қудайдың Өз халқы арқалы орнатқан Аспан патшалығы болса мәңги турыпты.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in