Колосалылар Китап ҳаққында мағлыўмат
Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Павел Колоса қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған.
Колоса қаласы Азия үлкесиниң (ҳәзирги Туркияның қубла-батыс бөлеги) пайтахты Эфес қаласынан 160 шақырым узақлықта жайласқан кишкене таўлы қала еди. Бул жердеги исениўши жәмәәт қала турғыны болған Эпафрас деген адам арқалы пайда болған еди (Кол 1:7). Эпафрас Хош Хабар себепли Римде қамақта болған Павелге барып, оған Колосада жалған тәлиматлардың бар екенин айтып береди. Бул жалған тәлиматларды үйретиўшилер мынадай тәлим берген: исениўши адам Ийсаға исениўден тысқары яҳудийлердиң үрп-әдетлерин орынлаўы, бул дүньяға тийкарланған философияларға бойсыныўы, периштелерге сыйыныўы, айрықша күнлерди белгилеўи ҳәм ишип-жеўден өзин тыйыўы тийис.
Бирақ Павел өз хатында бул жалған тәлиматлардың мәниссиз екенин айтып, исениўши адамның Ийса Масийх пенен тығыз байланыста болыўының жеткиликли екенин нәсиятлайды. Өйткени қудайлық тәбияттың толылығына ийе болған Масийх себепли, исениўшилер Масийхтың толылығына ийе екенин түсиндиреди. Қудайдың Өз Улы Ийса арқалы аспан ҳәм жердегилерди Өзи менен жарастырғаны ҳаққында ҳәм хаттың ақырғы бабында исениўшилер қалай жасаў кереклиги туўрысында сөз етиледи.
Currently Selected:
Колосалылар Китап ҳаққында мағлыўмат: КркМК22
Highlight
Share
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: