YouVersion Logo
Search Icon

Амос Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Амос пайғамбар Яҳуда елинен болып, ол жерде шарўашылық пенен шуғылланатуғын еди. Қудай оны Израил елине жибереди ҳәм ол жердеги халыққа пайғамбаршылық қылыўды буйырады. Амос Яҳудада өзи жасап атырған Теқоадан шығып, Израилдағы Бейт-Эл қаласына барады. Сол дәўирлерде Бейт-Эл Израилдағы бутпаразлықтың ең күшли орайы болған.
Бул китаптың басында Амос пайғамбар Израилдың әтирапындағы халықлар ҳаққында пайғамбаршылық қылады. Кейин Израил халқының, әсиресе, бай адамлардың ашшы тәғдирин жәриялайды. Өйткени олар кәмбағал ўатанласларын талап, қул қылатуғын еди. Сол дәўирде Израил халқының көпшилиги Қудайдың жолынан шығып, бутларға сыйына баслаған еди. Соған қарамастан, олар Қудайдан қутқарылыў күтетуғын еди. Амос болса халықты ескертип, Қудайдың оларды жазалайтуғынын айтады.
Китап үмит беретуғын сөзлер менен тамамланады. Қудай Өз халқын жазалап болғаннан соң, оларды тутқыннан өз жерине қайтарып алып келеди ҳәм халықты қайтадан тиклейди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in