2 Петр 3
3
Ийемиздиң қайтып келетуғын күни
1-2Сүйикли туўысқанларым, бул мениң сизлерге жазып атырған екинши хатым. Мен еки хатымда да мухаддес пайғамбарлардың алдын ала айтқан сөзлери ҳәм Қутқарыўшы Ийемиздиң елшилери арқалы берген буйрығын еске түсириўиңиз ушын сизлерде пәк ой-пикирлерди оятыўға ҳәрекет еттим. 3Ең алды менен мынаны билип қойыңлар: дүньяның ақырғы күнлеринде өз жаман қәлеўлерине еретуғын мазақ етиўшилер пайда болады. Олар сизлерди мазақ қылып: 4«Ийеңиздиң қайтып келемен деген ўәдеси қәне? Ата-бабаларымыз дүньядан өткеннен бери, ҳәмме нәрсе қалай жаратылған болса, еле солай турыпты-ғо», – дейди. 5Себеби олар Қудайдың сөзи менен аспанның жүдә әййемги ўақытларда бар болғанын ҳәм жердиң суў арқалы суўдан жаратылғанын жортаға билмегендей болады. 6Сол ески дүнья да усы топан суўынан набыт болған еди. 7Ал ҳәзирги аспан ҳәм жер болса, отта жаныў ушын Қудайдың сол сөзи менен сақланып, қудайсыз адамлардың ҳүким етилип набыт болатуғын күнине шекем қорғалып турыпты.
8Сүйикли туўысқанларым, тек мынаны естен шығармаңлар: Жаратқан Ийениң нәзеринде бир күн мың жылдай, мың жыл бир күндей. 9Айырымлар кешикти деп есаплағандай, Ийемиз ўәдесин орынлаўды кешиктирип атырған жоқ. Керисинше, Ол ҳеш кимниң набыт болыўын қәлемей, ҳәр бир адам тәўбе етсин деп, сизлер ушын сабырлылық пенен күтип турыпты. 10Деген менен, Ийемиздиң күни уры сыяқлы күтилмегенде келеди. Сол күни аспан уллы гүрсилди менен жоқ болады, аспан денелери жанып кетеди, жер ҳәм жер бетиндеги ҳәр бир нәрсе жанып күлге айланады#2Пет 3:10 жер ҳәм жер бетиндеги ҳәр бир нәрсе жанып күлге айланады – Базы қолжазбаларда «жер ҳәм жердеги ҳәмме нәрсе аян болады».. 11Ҳәмме нәрсе усы тәризде жоқ болып кететуғын болса, сизлер қандай адамлар болыўыңыз зәрүр? Сизлер мухаддес болып жасап, Қудайдың жолы менен жүриўиңиз керек. 12Қудайдың күниниң келиўин сағына күтип, оның келиўин тезлетиўиңиз лазым. Өйткени сол күни аспан жанып жоқ болады, аспан денелери де күшли ыссыдан ерип кетеди. 13Бирақ бизлер Қудайдың ўәдеси бойынша ҳақлық орнаған жаңа аспан менен жаңа жерди күтемиз.
14Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, усыларды күтип жүрген екенсиз, Қудайдың алдында кемшиликсиз ҳәм минсиз болыўға бар күшиңиз бенен ҳәрекет етип, тыныш жасаңлар. 15Сүйикли туўысқанымыз Павелдиң де өзине берилген даналығы менен сизлерге жазғанындай, Ийемиздиң сабырлылығын қутқарылыў пурсаты деп есаплаңлар. 16Павел барлық хатларында усы ҳаққында сөз етеди. Оның хатларында түсиниўге қыйын болған базы бир жерлер бар. Надан ҳәм тыянақсыз адамлар басқа Мухаддес Жазыўларды бурмалағаны сыяқлы, буларды да бурмалайды. Усы ис-ҳәрекетлери оларды набыт болыўға алып келеди.
17Солай етип, сүйикли туўысқанларым, буларды алдын ала билип қойыңлар, ар-намыссыз адамларға ерип, өзлериңиздиң беккем негизиңизди жойтып қоймаўыңыз ушын сақ болыңлар. 18Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масийхтың мийримине бөленип, Оны билиўде өсип барыңлар. Ҳәзир ҳәм мәңгиге Оған даңқ болсын! Аўмийин.
Currently Selected:
2 Петр 3: КркМК22
Highlight
Share
Copy

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Институт перевода Библии, 2022

: