YouVersion Logo
Search Icon

1 Салоникалылар Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Павел Салоника қаласындағы исениўши жәмәәтке жазған.
Салоника қаласы Македония үлкесиниң пайтахты еди. Салоникадағы исениўши жәмәәт Павелдиң екинши сапарының ўақтында ол арқалы пайда болған еди (Елш 17:1-9).
Павелдиң бул хатты жазғандағы мақсети – сол жердеги жақында исенген адамларды қоллап қуўатлаў еди. Павел өз хатында өзлерине үйретилген нәрселерди сақлағаны ушын ҳәм қуўдалаўлар ўақтында исенимде беккем турғаны ушын Салоникадағы исениўшилерди мақтап, оларды жигерлендиреди.
Кейин ол Ийемиз Ийсаның келиўи ҳаққында айтады. Масийх келгенде қандай ҳәдийселер жүз беретуғыны, көз жумған исениўшилердиң тирилиўи ҳәм тирилер менен бирге Масийхты күтип алыўы ҳаққында жазады. Хаттың ақырында Павел салоникалыларға соңғы үгит-нәсиятларын береди. Және де, Павел оларды жетекшилерди ҳүрмет етиўге, өз ара татыў жасаўға, ҳәмме ўақытта жақсылық қылыўға ҳәм сабырлы болыўға, Қудайдан миннетдар болып, қуўанышлы болыўға, тынбай дуўа етиўге шақырады.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in