YouVersion Logo
Search Icon

1 Юхан Китап ҳаққында мағлыўмат

Китап ҳаққында мағлыўмат
Бул хатты елши Юхан І әсирдиң ақырында жазған. Хат жазылған ўақытта жалған тәлиматлар кең тарқалған болып, олар исениўши жәмәәтлерге үлкен қәўип туўғызатуғын еди. Себеби бундай тәлиматларды тарқатыўшы жалған муғаллимлер Ийса Масийх адам болып жасамады, деп үйрететуғын еди.
Юхан өз хатында бул пикирге қарсы шығып, Ийса Масийхтың адам болып жасағанын тастыйықлайды ҳәм исениўшилер Масийх арқалы Қудай менен қарым-қатнаста болып, өз ара бир-бирин сүйиўи кереклиги ҳаққында айтады. Және де, Ийса Масийхқа исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе екенлиги ҳаққында гүўалық береди.

Highlight

Share

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in