YouVersion Logo
Search Icon

Елшилер 20

20
Жигирмаланшы бап
Павел Македония менен
Грецияда
1Ефестеги топалаң басылғаннан кейин, Павел шәкиртлерди шақыртып жигерлендирди. Соңынан олар менен хошласып, Македонияға кетиў ушын жолға шықты. 2Ол жол-жөнекей үлкелерди аралағанда, исениўшилерди көп сөзлер менен жигерлендирип, Грецияға келди. 3Ол жерде үш ай қалды. Кеме менен Сирияға кетпекши болғанда, яҳудийлер өзине қарсы тил бириктиргенликтен, Македония арқалы изине қайтыўға қарар етти. 4Пир улы вериялы Сопатер, салоникалылардан Аристарх пенен Секундус, дербели Гаюс ҳәм Тимофей, Азия үлкесинен Тихик пенен Трофим оның менен бирге кетти. 5Булар бурын кетип, бизлерди Троас қаласында күтип турды. 6Ал бизлер Ашытқысыз нан байрамынан соң, Филиптен кеме менен жолға шығып, бес күнде оларға, Троасқа жетип келдик. Ол жерде жети күн болдық.
Павелдиң Евтихты тирилтиўи
7Ҳәптениң биринши күни#20:7 Ҳәптениң биринши күни – екшемби күни. нан сындырыў ушын бир жерге жыйналғанымызда, Павел исениўшилерге сөз сөйледи. Ертеңине кететуғын болғанлықтан, оның ўазы ярым ақшамға дейин созылды. 8Бизлер жыйналған жоқарғы қабаттағы бөлмеде көп шыралар жанып турған еди. 9Евтих атлы бир жас жигит әйнекке минип отыр еди. Павелдиң сөзи созылып кеткенликтен, Евтихты уйқы басты. Ол уйықлап кетип, үшинши қабаттан қулап түсти. Оны жерден көтерип алғанда, ол өлип қалған еди. 10Павел төменге түсип, жигиттиң үстине еңкейди де, оның еңсесинен көтерип: «Уўайымламай-ақ қойың, оның жаны бар!» – деди. 11Соңынан жоқарыға көтерилип, нан сындырып жеди. Олар менен таң атқанша көп сөйлескеннен соң, жолға шықты. 12Жигитти үйине тири апарып, исениўшилер үлкен жубаныш алды.
Троастан Милитке сапар
13Бизлер бурынырақ кеме менен кетип, Асос қаласына бардық. Ол жерден Павелди мингизип алыўымыз керек еди. Өйткени оның өзи пияда жүргиси келгенликтен, бизлерге усылай тапсырған еди. 14Павел менен Асоста ушырасып, оны кемеге мингиздик те, Митилина қаласына бардық. 15Ол жерден кеме менен жолға шығып, ертеңине Хиос атаўының қарсысына келдик. Бир күннен соң Самос атаўына, оның ертеңине Милит қаласына бардық. 16Азия үлкесинде ўақытты босқа жибермеў ушын, Павел Ефеске бармай өтиўди уйғарды. Егер мүмкин болса, ол Елиўинши күни байрамында Ерусалимде болыўға асықпақта еди.
Павелдиң ефесли ақсақаллар менен
хошласқанда сөйлеген сөзи
17Павел Милиттен Ефеске адам жиберип, исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын жанына шақыртты. 18Олар жанына келгенде, Павел былай деди:
– Азия үлкесине қәдем басқан дәслепки күнимнен баслап, сизлер менен бирге болған ўақтымның ҳәммесинде қалай жасағанымды билесизлер. 19Яҳудийлердиң қастыяншылықлары себепли басымнан өткен қыйыншылықларға қарамастан, Ийемизге толық кишипейиллик пенен, сизлер ушын көз жасларымды төгип хызмет еттим. 20Және де, пайдалы болған ҳәр қандай нәрсени қалдырмай, сизлерге халық алдында ҳәм үйлерде тәлим бериўди тоқтатпадым. 21Яҳудийлерге де, греклерге де тәўбе етип Қудайға қайтыўды ҳәм Ийемиз Ийсаға исениўди жәрияладым.
22Ал енди болса, Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен Ерусалимге баратырман. Ол жерде маған не болатуғынын билмеймен. 23Бирақ Мухаддес Руўх мени қамақ ҳәм қыйыншылықлар күтип турғанын маған ҳәр бир қалада билдирип атыр. 24Буған қарамастан, мен өз жанымды аямайман. Тек өз бәйгимди басып өтип, Қудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны.
25Мен араңызда жүрип, Қудайдың Патшалығы ҳаққында жәрияладым. Енди болса, сизлердиң ҳеш қайсысыңыздың мениң жүзимди қайтып көрмейтуғынын билемен. 26Сонлықтан бүгин сизлерге мынаны ашық айтаман, ким де ким араңызда қутқарылмаса, мен ол ушын жуўапкер емеспен#20:26 Сөзбе-сөз: мен ҳәммениң қанынан тазаман.. 27Себеби сизлерге Қудайдың пүткил еркин толық жәрияладым. 28Өзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге көз-қулақ болыңлар! Қудайдың Өз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар! 29Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен. 30Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, өзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады. 31Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей көз жасларымды төгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар!
32Енди мен сизлерди Қудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сөзге тапсыраман. Бул сөз сизлерди беккемлеп, Қудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди. 33Мен ҳеш кимниң гүмисин, алтынын ямаса кийимин күсемедим. 34Өзимниң ҳәм мениң менен бирге болғанлардың мүтәжликлери ушын усы қолларым менен мийнет еткенимди билесизлер. 35Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гөре, берген адам бахытлырақ», – деген сөзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде көрсеттим.
36Павел усы сөзлерди айтып болғаннан соң, олардың ҳәммеси менен бирге дизе бүгип, дуўа етти. 37Олардың ҳәммеси қатты жыласты ҳәм Павелдиң мойнынан қушақлап, оны сүйди. 38Әсиресе оларды қатты қапа қылған, Павелдиң: «Мениң жүзимди қайтып көрмейсиз», – деген сөзлери болды. Соңынан оны кемеге дейин шығарып салды.

Currently Selected:

Елшилер 20: KrkNT

Highlight

Share

Compare

Copy

None

Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in