Елшилер 13
13
Он үшинши бап
Барнаба менен Саулдың
хызметке жиберилиўи
1Антиохиядағы исениўшилер жәмәәтинде пайғамбарлар ҳәм муғаллимлер бар еди. Олар: Барнаба, Негр деп аталатуғын Симон, киренели Лукий, үлке патшасы Ҳирод пенен бирге тәрбияланған Манаим ҳәм Саул. 2Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Саулды ажыратып бериңлер». 3Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Саулдың үстине қолларын қойды#13:3 Үстине қол қойыў – Қудайдың хызметшилерин хызметке тайынлағанда ямаса басқа елге хызмет етиў ушын жибергенде исленетуғын ис-ҳәрекет. ҳәм оларды жолға шығарып салды.
Кипр атаўында
4Мухаддес Руўх тәрепинен жиберилген Барнаба менен Саул Селевкияға барып, сол жерден кеме менен Кипрға жүзип өтти. 5Олар атаўдағы Саламис деген қалаға келип, яҳудийлердиң мәжилисханаларында#13:5 Мәжилисхана – грекше «синагога». Яҳудийлердиң Қудайға хызмет ететуғын ҳәм Қудайдың сөзин үйренетуғын орны. Қудайдың сөзин жәриялады. Марк деп аталатуғын Юхан да олар менен бирге болып, оларға хызмет етип жүрди.
6Олар пүткил атаўды бастан-аяқ басып өтип, Папосқа келди. Сол жерде Барешу атлы сыйқыршы ҳәм жалған пайғамбар болған бир яҳудийди ушыратты. 7Ол ҳәким Сергий Павелдиң кеңесгөйи болып, оның менен бирге жүретуғын еди. Ҳәким ақыллы адам болғанлықтан, Барнаба менен Саулды шақыртып, Қудайдың сөзин тыңламақшы болды. 8Бирақ, грек тилинде аты Елимас болған жаңағы сыйқыршы оларға қарсылық көрсетип, ҳәкимниң исениўине тосқынлық етиўге тырысты. 9Сонда Мухаддес Руўхқа толған Саул, яғный Павел көзлерин Елимасқа тигип:
10– Ҳәй, кеўли ҳәр қыйлы ҳийле менен жалғанға толы шайтанның баласы! Сен ҳәр қандай ҳақыйқатлықтың душпанысаң! Ийемиздиң туўры жолларын бурмалаўды қоясаң ба, жоқ па? 11Мине, енди Ийемиз саған қарсы қолын көтерди. Сен соқыр болып қалып, бир қанша ўақыт қуяш жақтысын көре алмайтуғын боласаң, – деди.
Сол ўақытта-ақ оның көзлерин қараңғы түнек қаплады ҳәм ол қолынан услап өзин жетелейтуғын адамды излеп, әтирапын сыйпалай баслады. 12Ҳәким болған ўақыяны көрип, исенди. Өйткени Ийемиз туўралы тәлийматқа ҳайран қалған еди.
Писидияның Антиохия қаласында
13Павел менен оның жолдаслары Папостан кемеге минип, Памфилияның Пергия қаласына келди. Ал Юхан оларды қалдырып, Ерусалимге қайтып кетти. 14Олар Пергиядан жолын даўам етип, Писидияның Антиохия қаласына барды. Дем алыс күни#13:14 Сөзбе-сөз: шемби күни. Мухаддес Нызам бойынша, яҳудийлердиң дем алыс күни. мәжилисханаға кирип отырды. 15Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларынан оқылғаннан соң, мәжилисхананың басшылары оларға: «Туўысқанлар, халыққа айтатуғын нәсият сөзлериңиз болса, мәрҳәмат, айтыңлар», – деп хабар жиберди.
16Павел орнынан турды да, қолы менен ишарат етип былай деди:
– Ҳәй, израиллылар ҳәм Қудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары, тыңлаңлар! 17Бул Израил халқының Қудайы бизиң ата-бабаларымызды таңлап, олар Мысыр елинде жат болып жасағанда, оларды үлкен халық қылды. Соңынан Өзиниң қүдиретли қолы менен оларды сол жерден алып шықты. 18Шөлде шама менен қырық жыл олардың қыңырлығына шыдады. 19Канан жеринде жети миллетти жоқ қылып, олардың жерин Өз халқына мийрас етип берди. 20Булардың ҳәммеси төрт жүз елиў жылдай даўам етти.
Соңынан Қудай Самуел пайғамбардың заманына дейин оларға бийлерди берди. 21Буннан кейин халық патша сорағанда, Қудай оларға Бенамин урыўынан болған Кистиң улы Саулды берди. Саул қырық жыл патшалық етти. 22Қудай оны тахттан түсиргеннен соң, олардың үстилеринен Даўытты патша етип қойды. Қудай ол туўралы мынадай гүўалық берди: «Мен кеўлимдегидей бир адамды, Ишай улы Даўытты таптым. Ол Мениң ҳәр бир тилегимди орынлайды»#13:22 Патшалық ҳаққында 1-китап 13:14; Забур 88:21..
23Қудай Өз ўәдеси бойынша оның урпағынан Израилдың Қутқарыўшысы Ийсаны шығарды. 24Ийса келместен бурын Яқыя пүткил Израил халқына тәўбе етип суўға шомылдырылыўды жәриялады. 25Яқыя хызметин тамамлаўға шамаласқанда былай деген еди: «Мени ким деп ойлайсызлар? Мен Масих#13:25 Масих – еврей тилинде «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. емеспен. Бирақ Ол меннен кейин келеди. Мен Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен».
26Туўысқанларым, Ибрайымның урпақлары ҳәм Қудайға сыйынатуғын басқа миллет адамлары! Бул қутқарылыў сөзлери бизлерге жиберилген. 27Ерусалимде жасайтуғынлар ҳәм олардың басшылары Ийсаның ким екенин билмеди ҳәм ҳәр дем алыс күни оқылатуғын пайғамбарлардың Ол туўралы жазған сөзлерин түсинбеди. Сонлықтан олар Ийсаны ҳүким етип, пайғамбарлардың сөзлерин әмелге асырды. 28Оннан өлим жазасына ылайықлы ҳеш қандай айып таба алмаса да, Пилаттан Оны өлтириўди сорады. 29Ол ҳаққында жазылғанлардың ҳәммесин орынлағаннан соң, олар Оны атанақ ағаштан түсирип, қәбирге қойды. 30Бирақ, Қудай Оны өлимнен тирилтти. 31Ийса Өзи менен Галиладан Ерусалимге келгенлерге көп күнлер даўамында көринип жүрди. Енди бул адамлар халық алдында Оның гүўалары болды.
32Бизлер де сизлерге Қудайдың ата-бабаларымызға ўәде еткен Хош Хабарын жәриялап атырмыз. 33Ол Ийсаны тирилтиўи арқалы олардың урпақлары болған бизлер ушын сол ўәдени әмелге асырды. Забурдың екинши жырында былай деп жазылған:
«Сен Мениң Улымсаң,
Бүгин Мен Саған Әке болдым» # 13:33 Забур 2:7. .
34Ийсаны ҳеш қашан ширитпей, өлимнен қайта тирилтетуғыны ҳаққында Қудай былай деген:
«Мен сизлерге Даўытқа ўәде еткен
мухаддес ҳәм ҳақыйқый жарылқаўымды беремен» # 13:34 Ийшая 55:3. .
35Сонлықтан басқа бир жерде былай делинген:
«Өз Мухаддесиңниң шириўине жол қоймайсаң» # 13:35 Забур 15:10. .
36Даўыт өз заманында Қудайдың ерки бойынша хызмет еткеннен соң көз жумып, өз ата-бабаларының қасына қойылды ҳәм денеси ширип кетти. 37Бирақ, Қудай тирилткен Адамның денеси ширимеди. 38Солай етип, туўысқанларым, мынаны билип алыңлар: гүналарыңыздың усы Ийса арқалы кеширилетуғыны сизлерге жәрияланып атыр. 39Муўсаның Нызамы менен сизлер ҳеш бир гүнадан ақлана алмас едиңиз. Бирақ Ийсаға исенген ҳәр бир адам Ол арқалы ақланады. 40Енди абайлы болыңлар! Пайғамбарлардың айтқан мына сөзлери басыңызға түспесин:
41 «Қараңлар, ҳәй, мазақ етиўшилер,
Таң қалысып, набыт болыңлар!
Себеби Мен сизлер жасаған күнлерде бир ис ислеймен,
Оны биреў сизлерге айтып берсе де, исенбес едиңлер» # 13:41 Хабакук 1:5. .
42Павел менен Барнаба мәжилисханадан шығып баратырғанда, адамлар олардан келеси дем алыс күни де усылар ҳаққында айтыўын өтиниш етти. 43Мәжилисханадағы халық тарқағанда, яҳудийлер ҳәм яҳудий динине өткен Қудайға сыйынатуғынлардың көбиси Павел менен Барнабаға ерип жүрди. Павел менен Барнаба олар менен сөйлесип, Қудайдың мийримине сүйенип жасаўды үгит-нәсият етти.
44Келеси дем алыс күни қала халқының дерлик ҳәммеси Қудайдың сөзин тыңлаў ушын жыйналды. 45Бирақ яҳудийлер сонша халықты көрип, қызғанышқа толды. Павелдиң сөзлерине қарсы шығып, оны мазақ етти.
46Сонда Павел менен Барнаба батырлық пенен жуўап қайтарып былай деди:
– Қудайдың сөзин дәслеп сизлерге жәриялаўымыз керек еди. Сизлер оны қабыл алмағанлықтан ҳәм өзлериңизди мәңгилик өмирге ылайықлы көрмегенликтен, бизлер енди басқа миллетлерге кетемиз. 47Өйткени Ийемиз бизлерге былай деп буйырған еди:
«Дүньяның ҳәмме жерине қутқарылыў әкелиўиң ушын,
Сени басқа миллетлер ушын нур етип қойдым» # 13:47 Ийшая 49:6. .
48Басқа миллет адамлары буны еситкенде қуўанып кетип, Ийемиздиң сөзин алғыслады. Мәңгилик өмир ушын таңланғанлардың ҳәммеси исенди. 49Солай етип, Ийемиздиң сөзи пүткил үлке бойлап жайылды. 50Бирақ яҳудийлер Қудайға сыйынатуғын ҳүрметли ҳаялларды ҳәм қала басшыларын үгитлеп, Павел менен Барнабаға қарсы қойды ҳәм оларды қуўдалатып, үлкеден қуўдырып жиберди. 51Сонда Павел менен Барнаба оларға қарсы ескертиў ретинде аяқларының шаңын қағып, Иконияға кетти. 52Ал шәкиртлер қуўанышқа ҳәм Мухаддес Руўхқа толып-таса берди.
Currently Selected:
Елшилер 13: KrkNT
Highlight
Share
Compare
Copy
Want to have your highlights saved across all your devices? Sign up or sign in
© Библия аўдарыў институты, 2004