Усылай етип, Қудайдың ўәдеси тек исеним себепли бериледи. Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де, яғный Ибрайымның пүткил урпағына Қудайдың мийрими бойынша бериледи. Мухаддес Жазыўда Қудайдың Ибрайымға: «Сени көп халықлардың бабасы қыламан», – деп айтқанындай, Ибрайым өзи исенетуғын Қудайдың, яғный өлилерди тирилтетуғын ҳәм жоқтан бар қылатуғын Қудайдың алдында ҳәммемиздиң бабамыз.