Сондай нәрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ өзи де солай ислеўши, ҳәй адам, сен Қудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба? Я болмаса, Қудайдың кең пейиллилигиниң сени тәўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳәм шыдамлылығын писент етпейсең бе?