1
Римлилер 14:17-18
Мухаддес Китап
КркМК22
Өйткени Қудайдың Патшалығы жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерден ибарат емес, ал ҳақлық, тынышлық ҳәм Мухаддес Руўх беретуғын қуўаныштан ибарат. Масийхқа усы жол менен хызмет ететуғын адам Қудайға унайды ҳәм ол адамлардың мақтаўына ылайық.
Compare
Explore Римлилер 14:17-18
2
Римлилер 14:8
Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Өлсек те, Ийемиз ушын өлемиз. Солай етип, жасасақ та, өлсек те Ийемизге тийислимиз.
Explore Римлилер 14:8
3
Римлилер 14:19
Солай етип, өзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳәм өз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық.
Explore Римлилер 14:19
4
Римлилер 14:13
Сонлықтан буннан былай, бир-биримизди ҳүким етпейик. Керисинше, туўысқаныңызды азғырыўға салмаўға ҳәм оның исенимине зыян келтирмеўге тырысыңлар.
Explore Римлилер 14:13
5
Римлилер 14:11-12
Мухаддес Жазыўда Жаратқан Ийе былай дейди: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: Ҳәр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди. Ҳәр бир тил Мениң Қудай екенимди ашық тән алады». Солай етип, ҳәр бир адам өзи ушын өзи Қудай алдында жуўап береди.
Explore Римлилер 14:11-12
6
Римлилер 14:1
Исеними ҳәлсиз адамды оның пикирлери ҳаққында тартыспай қабыл етиңлер.
Explore Римлилер 14:1
7
Римлилер 14:4
Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Хызметши өз хожайынының алдында турады ямаса жығылады. Ол аяққа турғызылады. Себеби оны аяққа турғызыўға Ийемиздиң қүдирети жетеди.
Explore Римлилер 14:4
Home
Bible
Plans
Videos